Президенттиң баспасөз хызмети мәмлекет басшысының жаңа ҳәптедеги режелери бойынша мағлыўмат берди.

Шавкат Мирзиёевтиң усы ҳәптеге мөлшерленген ис режесинде бир қатар илажлар нәзерде тутылған.

Презентация ҳәм мәжилислерде инвестиция тараўы, аймақларда ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, басқарыў компанияларының жумысын жетилистириў, аймақлардағы экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм басқа да мәселелерди додалаў режелестирилмекте.

Ҳәпте ақырында мәмлекетимиз басшысы Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола Пекин қаласындағы қысқы Олимпиада ойынларының ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қытайда болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги