Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов Қараөзек районындағы «А.Досназаров» ҳәм Тахтакөпир районындағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынларында, тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Депутат тәрепинен 2022-2026-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясы, Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясат ҳәм усы жылы әмелге асырылатуғын бағдарларға кеңнен тоқталып, қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди.

Ушырасыўларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар туўралы мағлыўматлар берилип, елимизде «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципи тийкарында реформалардың үзликсизлиги ҳәм даўамлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Жаңадан енгизилген ҳәким жәрдемшиси лаўазымының жумыслары бойынша да түсиниклер берилип, сайлаўшылардың машқалалары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.

Айырым машқалалар сол жердиң өзинде шешимин тапқан болса, айырымлары депутат қадағалаўы астында үйренип шығылыўы келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги