Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барып, Биринши Президентимиздиң естелигине гүл қойды.

Өз ата-бабалары, пидайыларын ҳүрметлеген халық бәрқулла ҳүрметке сазаўар. Тилекке қарсы, тарийхымызда миллет жетекшилериниң тирилигинде ҳүрметленип, қайтыс болғаннан кейин қараланған жағдайлар да болған. Бул көп тәрептен кейинги әўладлардың ҳүжданы ҳәм мәртлигине байланыслы.

Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы болған биринши күннен Ислам Кәримовтың ийгиликли жумысларының даўам еттирилетуғынын айтқан еди, оның естелигин мәңгилестириў бойынша қарарлар қабыл етилди, мақбарасы қурылды. Биринши Президентимиздиң туўылған 30-январь күнин белгилеў дәстүрге айланды.

«Биринши Президентимиз Ислам Кәримовты қанша қәдирлесек, халқымызға, жасларымызға мәнәўият жеткерген боламыз», деген еди Шавкат Мирзиёев.

Бул илаж да усының бир көриниси болды. Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди. Ислам Кәримовтың халқымыздың мәпи жолында ислеген жумыслары, мәртлик, әдиллик, кишипейиллик пазыйлетлери еске алынды.

Мәресимде Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, зыялылар, қала жәмийетшилиги қатнасты.

Ислам Кәримовтың Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүллер қойылды.

ӨзА