Нөкис қаласындағы «Дослық» үйинде республикамыз аймағында жумыс ислеп турған газета, журнал, баспа, радио, телевидение хызметкерлериниң ҳәм интернет тармақлары ўәкиллериниң қатнасыўында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», «Кийиниў мәденияты» темаларында семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде ҳүждан еркинлиги, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, ҳәзирги ўақытта дин нықабы астында жас әўладты ҳәр қыйлы бузғыншылық идеяларға тартыўды мақсет еткен ҳәр түрли ағымлардан сақлаў, интернет раўажланған ҳәзирги дәўирде жаман нийеттеги интернет тармақларынан берилип атырған мағлыўматларға сүйенбеў кереклиги атап өтилди.

Сондай-ақ, бүгинги күни айырым орынларда ушырасып атырған унамсыз жағдайлар, атап айтқанда, тыныш халықтың күнделикли турмысы ҳәм кийиниў мәдениятына дин нықабы астында тәсир көрсетип атырған әдетлер туўралы мағлыўматлар берилип, буған ҳәр бир пуқара сергек турыўы керек екенлиги, әлбетте, журналистлер де кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетиўи кереклиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, биз жаслардың санасында ана-Ўатанымызға болған муҳаббат, бай тарийхымызға садықлық сезимлерин қәлиплестириўимиз, жаслардың санасында ҳәм қәлбинде идеологиялық, руўхый иммунитетти күшейтиўимиз әҳмийетли орын тутады. Себеби, келешегимиздиң айдын болыўына исенимимиз кәмил болыўы ушын, жасларды дурыс жолға салыў ҳәммемиздиң әдиўли миннетимиз болып есапланады.

Семинар қатнасыўшылары усы бағдардағы жумысларды жақсы жолға қойыў, үгит-нәсият илажларын өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери