Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын қайырсақаўат илажы өткерилди.

Президентимиздиң «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орнланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, гезектеги илажда Хожели районынан 50, Нөкис қаласынан 30 кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған шахслары бар шаңарақлардың ҳәр бирине 600 мың сумлық, жәми 48  миллион сумлық азық аўқат өнимлери тапсырылды.

-Инсан мәпи үстин болған елимизде ҳеш бир шаңарақ итибардан шетте қалмайды,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Фонд тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Бундай қайырқомлық илажлары алдағы ўақытлары да даўам етди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы