Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер, блогерлер ушын халықаралық бирге ислесиў мәселелерине бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда өткен 2021-жылда институттың сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары, сырт еллердиң мәмлекетимиздеги елшиханалары менен бирге ислесиўиниң нәтийжелери, әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы белгиленген ўазыйпалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде институтта халықаралық бирге ислесиў жумыслары шеңберинде дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен 46 шәртнама ҳәм меморандумлар дүзилди. Олардың арасында 14 жоқары оқыў орны QS (Quacquarelli Symonds World University Ranks), THE (Times Higher Education) ҳәм ARWU (The Academic Ranking of World Universities) сыяқлы халықаралық рейтинг шөлкемлери тәрепинен жоқары баҳаланған жоқары билимлендириў мәкемелери болып есапланады.

Өткен жылы институтта еки тәреплеме бирге ислесиў жолға қойылған жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлардың 31 профессоры студентлерге сабақ берди.

Институтта сырт елли студентлердиң келип оқыўы ушын шараятлар жаратылған болып, ҳәзирги ўақытта институтта улыўма 25 сырт елли пуқара билим алмақта.

– Атап айтқанда, институт ректоры, профессор Байрамбай Өтемуратов Россия Федерациясындағы Кубань мәмлекетлик университетине хызмет сапары менен барып, университет ректоры Михаил Астапов пенен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды. Соның ишинде, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Кубань мәмлекетлик университети менен биргеликте рус тили бойынша сертификат беретуғын орай ашыў ҳәм оған Кубаньдағы белгили профессор-оқытыўшыларды қатнастырыў арқалы халықаралық сертификат бериўди жолға қойыў, дефектология тәлим бағдары бойынша «2+2» системасы тийкарында биргеликтеги бакалавриат бағдарламасын шөлкемлестириў, институт жанындағы математикаға қәнигелестирилген мектепте Кубань мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары менен биргеликте оқыўшылардың билимин арттырыў, олимпиадаларға таярлаў, соның менен бирге, еки жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары менен бирге сабақлық, оқыўлық қолланбалар таярлаў және басып шығарыў мәселелери бойынша исленетуғын жумыслар келисип алынды,-дейди институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Жалелов.

Усы тийкарда Кубань мәмлекетлик университетиниң бир неше профессор-оқытыўшылары НМПИге келип, студентлерге лекциялар оқып, конференция ҳәм семинарларға қатнасты. Сондай-ақ, өткен 2020-жылы февраль-июнь айларында НМПИдиң еки магистранты усы университетте алты айлық алмасыў бағдарламасы тийкарында билим ҳәм көнликпелерин арттырып келди.

Соның мене бирге, НМПИ ректоры Сочи мәмлекетлик университетинде болып, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты менен биргеликте экологиялық, зыярат, аўыл хожалығы ҳәм мийманхана хызмети туризм бағдарлары бойынша бакалаврлар таярлаў перспективалары бойынша сөйлесиўлер алып барып, Сочи мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында илимий-педагогикалық жумысларда бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.

Ҳәзирги ўақытта институтта АҚШ мәмлекетлик департаментиниң 2020-2022-жылларға белгиленген студентлерге инглис тилин «STEM» бағдары тийкарында оқытыў бағдарламасы бойынша «English Access Microscholarship Programm – STEM» грантының 55 мың АҚШ доллары муғдарындағы жумыслары жолға қойылған.

Соның менен бирге, институт Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы ҳәм UNICEF шөлкеми менен биргеликте социаллық инновацияларды қоллап-қуўатлаў бойынша «UP-Shift» жойбарының, сондай-ақ, Россия Федерациясының «Русский мир» фонды жойбарының жеңимпазы болып есапланады.

Дүньяның «ТОП-1000»лығына киретуғын жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиў шеңберин кеңейтиў, сырт елли студентлерди институтқа тартыў мақсетинде билимлендириўдиң сапасын жетилистириў, миллий ҳәм халықаралық рейтинглерде институттың көрсеткишлерин жоқарылатыў менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылынан баслап Кубань мәмлекетлик университети менен дефектология тәлим бағдары бойынша биргеликте билим бериў, И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети менен рус тили қәнигелиги бойынша магистратура басқышында биргеликте билим бериўди жолға қойыў жобаластырылмақта.

Баспасөз конференциясында, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги