Белгили шайыр, дилмаш ҳәм редактор Рая Ернашева (Разиябегим) 2022-жылдың 28-январь күни узақ даўам еткен кеселлениўден кейин 69 жаста дүньядан өтти. Р.Ернашева 1953-жылы 7-январьда Нөкис қаласында дүньяға келген.

1958-жылы бес жасында Әмиўдәрья районының Назархан аўылы Бердақ атындағы мәкан пуқаралар орайындағы мектепке 1-қарақалпақ класына оқыўға барып, 1968-жылы орта мектепти тамамлаған. Тоғыз-он жасынан баслап жазған қосықлары мектеп дийўалы газетасында, ал баспасөзде 1970-жылдан республикалық газета-журналларда, жаслар альманахларында басылып шыға баслаған. Физика ҳәм математика пәнине қызығыўшылығы себепли Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы пәнлер бойынша жоқары билим алған. 1993-жылы Халық университетиниң араб тили бойынша арнаўлы курсын питкерген.

Мийнет жолын республикалық жаслар газетасында әдебий хызметкер болып ислеўден баслайды. Буннан кейин «Қарақалпақстан» баспасында редактор болып 40 жылдан аслам ўақыт мийнет етип, усы дәўирде ҳәр қыйлы пәнлер бойынша китаплардың сапалы басылып шығыўына белгили дәрежеде үлесин қосқан талантлы редактор болды.

2000-жылы Қарақалпақстандағы дәслепки балалар ҳәм жас өспиримлер ушын «Қарлығаш» журналын ашты ҳәм оның шығып турыўына бар күш-жигерин сарплады.

Түрли жылларда шайырдың «Мениң гүлим», «Биле-билгенге», «Өмир толғаныслары», «Силкин, ҳумай яңлы өз қанатында» поэзиялық китаплары ҳәм балаларға арналған «Пал бөбегим сөйлесе», «Адымлаўшы машина» китаплары, сондай-ақ, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде «Шығармаларының 3 томлығы» (Ташкент, 2010), рус тилинде «Ночное путешествие» (Москва, 2015), өзбек тилинде «Сайланма» (Нөкис, 2019), қарақалпақ әдебиятында бес китаптан ибарат «Хамса» (Ташкент, 2020) шығармасын арнаўлы китап етип баспадан шығарып, халқымыздың руўхый байлығының раўажланыўына бар таланты ҳәм күш-жигери менен салмақлы үлес қосты.

Ол Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Ол шаңарағында сегиз перзент тәрбиялап, камалға келтирген, ақлықлар, шаўлықлар көрген әдиўли ана.

Ҳақ кеўил, мийирман, талантлы шайыр ҳәм редактор, ели-халқы ушын жанкүйер инсан Рая (Разиябегим) Ернашеваның жарқын естелиги ҳешқашан умытылмайды.

Бир топар дөретиўши дослары, қурбы-қурдаслары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.