Перзентте сатылама екен. Гейде ойланып қаламыз, бизди ата-анамыз қандай әрзыў-әрманлар менен дүньяға келтирип, тәрбиялап, қатарға қосты. Олар қандай қыйыншылық болса да, перзентлерин тәрбиялап, өзи жемесе де перзентине жегизди, қатарынан кем қылмаўға ҳәрекет етти. Ал бүгин ше…

Соңғы ўақытлары күн көристиң, жетпесинликтиң бәнеси менен өзиниң баўыр етинен жаралған, 9 ай жүрегиниң астында сақлап дүньяға келтирген перзентин сатып атырған «меҳрийбан ата-аналардың» қылмысына не дериңди билмей жағаңды услайсаң. Буны жаслық дейин десең, ақыл айтқанда алдына адам салмайды, турмыстың жетпесинлиги дейин десең, дени саў, ақылы пүтин, бирақ жумыс ислеўге келгенде «аўырдың үсти, жеңилдиң асты» менен жүретуғынлар болып табылады.

Бирақ өз перзентин сатып, оның арқасында материаллық байлық топлаўды нийет еткен бул ҳаялдың қылмысы басқаларға сабақ болады, деген үмиттемиз. Төмендеги ўақыядан кейин, аналарымыз жәнеде сергек, перзентлерине баўырман болады, деген нийеттемиз.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги  ҳәм Беруний районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен 2021-жылдың 27-апрель күни өткерилген оператив илаж даўамында  М.К. өзиниң 2020-жылдың сентябрь айында туўылған, еле ана сүтине де тойып үлгермеген перзентин Беруний районы аймағында Төрткүл районында жасаўшы С.Ч. деген пуқараға 5000 АҚШ долларына сатпақшы болып келисип, Елликқала районы Сарабий аўыл пуқаралар жыйыны аймағында мине усы келисилген пулдың 3500 АҚШ долларын, яғный 36 миллион 853 мың 285 сумды ҳәм акционерлик-коммерциялық «Микрокредитбанк»ке тийисли пластик карточкадан 15 миллион 700 мың сум, жәми  52 миллион 553 мың 285 сумды алған ўақытта айғақлы затлар менен усланды.

М.К.өзиниң жоқарыдағы нызамсыз ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 3-бөлими «а»бәнтинде көрсетилген жынаятты биле тура ислеген.

Бул жынаятлы ис жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды тәрепинен 2021-жылдың 5-сентябрь күнги ашық суд мәжилисинде көрип шығылды. Судланыўшы М.К. 1991-жылы Елликқала районында туўылған, ўақтынша жумыссыз, алдын судланбаған, еки перзенттиң анасы. Судта М.К. өзиниң 2020-жылы туўылған ул перзентин Төрткүл районында жасаўшы С.Ч.ға дәслеп «Спарк» автомашинасына алмастырмақшы болып, кейин ала қарыйдар менен 5000 АҚШ долларына келискенлигин мойынлады. Себеби, шаңарақтағы материаллық жетиспеўшилик, еки перзентиниң аўырғанлығы, оларды емлетиў ушын пул кереклиги, соның ушын усы қылмысты ислеўге мәжбүр болғанлығын айтты. Оның үстине ол және төртинши перзентине ҳәмледар екенлигин билдирип, судтан перзентлериниң тәрбиясынан айырмаған ҳалда жеңил жаза бериўин сорады.

Суд судланыўшының шаңарақ жағдайын, оның қараўында ержетпеген еки перзенти бар екенлигин, және он тоғыз ҳәптелик ҳәмледар екенлигин, алдын судланбағанлығын, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң даўы жоқлығын есапқа алып ҳүким шығарды. М.К. Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 3-бөлими «а» бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылды.

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен, Жынаят Кодексиниң 57-статьясын қолланып, 4 жылға еркинен айырыў жазасын тайынлап, тайынланған жазаға Жынаят Кодексиниң 72-статьясы қолланылып, жаза шәртли есапланды.

М.К.ға қарата еки жыл сынақ мүддети белгиленип, оның минез-қулқын қадағалаў Елликқала районы Ишки ислер бөлимине жүкленди.

О.МӘЎЛЕНОВ,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы