Республикамыз аймағындағы мәнзил колонияларынан биринде жаза өтеп атырған пуқараны жаза мүддетинен алдын азат етиўди ўәде еткен алдаўшы усланды.

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында, пуқара мәнзил колониясында жаза өтеп атырған А.ның исенимине кирип, оның жаза мүддетин жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы тоқтатып бериў ушын 2500 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша  Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы