Ҳүрметли Уллы Мәртебели мырза Нарендра Моди!

Қәдирли кәсиплеслер!

«Ҳиндстан-Орайлық Азия» биринши саммитиниң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлайман.

Сизге, ҳүрметли Бас министр мырза Моди, мәмлекетлеримиз арасындағы беккем дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған көп қырлы қатнасықларды беккемлеўге қаратылған усы әҳмийетли ушырасыўды өткериў басламасы ушын миннетдаршылық билдиремен.

Барлық кәсиплеслеримниң Ҳиндстан Республикасы күни мүнәсибети менен Ҳиндстан халқына билдирилген жыллы қутлықлаўлар ҳәм тилеклерине қосыламан. Сондай-ақ, сизлерди мәмлекетиңиз ғәрезсизлигиниң болажақ 75 жыллығы менен қызғын қутлықлайман.

Бүгин Ҳиндстан – заманагөй, жедел раўажланып атырған, жәҳәнде үлкен халықаралық абырайға ийе ҳәм экономикалық тәсири барған сайын артып баратырған мәмлекет.

Ҳиндстан биз ушын исенимли, стратегиялық шерик екенин айрықша атап өтиўди қәлеймен.

Өзбекстан – Ҳиндстан байланысларының тамырлары жүдә алыс тарийхқа барып тақалады.

Мың жыллар даўамында халықларымыз арасында жедел алмасыўлар ҳәм саўда байланыслары болған. Мәдениятларымыз, дәстүрлеримиз ҳәм руўхый қәдириятларымыз бир-бирин байытып келген.

Ташкент ҳәм Дели, Самарқанд ҳәм Агра, Бухара ҳәм Ҳайдарабад сыяқлы ески қалалар бийтәкирар мийрасымыздың бир белеги болып, улыўма тарийхымызда терең из қалдырған.

Усы мийрасқа таянып, Өзбекстан «Ҳиндстан-Орайлық Азия» форматындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўге исенимли умтылмақта.

Бүгин көп тәреплеме қатнасықларымыз ушын жаңа күн тәртибин ислеп шығыўымыз ҳәм узақ мүддетли перспективаға қаратылған нәтийжели бирге ислесиўдиң анық бағдарларын белгилеп алатуғынымызға исенемен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Ҳиндстан менен дәстүрий жақын, дослық ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды және де беккемлеў мақсетинде регионаллық бирге ислесиўдиң төмендеги бағдарларын стратегиялық тийкарғы бағдарлар сыпатында белгилеп алыўды усыныс етемиз.

Биринши тийкарғы бағдар – билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жедел бирге ислесиў арқалы, Ҳиндстанның алдыңғы тәжирйибеси, билимлери менен технологияларын кеңнен енгизиў тийкарында инсан капиталын раўажландырыў.

Кейинги жыллары ҳиндстанлы шериклер менен биргеликте мәмлекетимизде бир қатар заманагөй көп тармақлы медицина орайлары шөлкемлестирилди.

Бундай клиникалар тармағын Ҳиндстан жетекши медициналық университетлериниң Өзбекстандағы филиаллары тийкарында және де кеңейтиў нийетиндемиз.

Денсаўлықты сақлаў тараўында Ҳиндстан менен бирге ислесиўди және де тереңлестириў мақсетинде фармацевтикалық препаратлар ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, вакцинация ҳаққындағы сертификатларды өз-ара тән алыўды жеделлестириў, вирусолог врачлар таярлаў бағдарламасын баслаў, аюрведа тәлийматлары ҳәм йога әмелияты және Ибн Сина мийнетлери тийкарында заманагөй денсаўлықты сақлаў жетискенликлерин толықтырып туратуғын дәстүрий медицина усылларын енгизиўди зәрүр деп есаплаймыз.

Бул басламаларды системалы әмелге асырыў мақсетинде ҳәр жылы «Ҳиндстан-Орайлық Азия» денсаўлықты сақлаў форумын өткериўди усыныс етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, пандемия ақыбетлерин жеңип өтиўде көрсетилген жәрдем ушын Ҳиндстан тәрепине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Билимлендириў тараўындағы шериклик нәтийжели екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимиз. Бүгин Өзбекстанда Ҳиндстанның үш жетекши университети жумыс алып бармақта, оларда төрт мыңға шамалас студент оқымақта.

Буннан тысқары, Ҳиндстан компаниялары мәмлекетимизде «IB» бағдарламасы шеңбериндеги халықаралық мектеплер шөлкемлестириўге инвестиция киргизиўди баслады. Ҳиндстанның тиллерди оқытыў методикасы енгизилмекте.

Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ҳәм профессионал билимлендириў орайларын ашыў, илимий ҳәм академиялық алмасыўларда жолға қойыў, инновациялық қолланбалар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған «жол картасы»н ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Мәлимлеме технологиялары тараўындағы шериклик биз ушын кең перспективалар ашпақта. Санластырыў бойынша дүньяның алдыңғы қатардағыларынан бири болып есапланған Ҳиндстан мәмлекетимиз IT индустриясын раўажландырыўға үлкен үлес қоспақта.

Жақын келешекке мөлшерленген қоспа режелеримизде – үшинши мәмлекетлер базарларына программалық өнимлер менен хызметлерди экспорт етиў, соның ишинде, бизнес процесслериниң аутсорсинги.

IT тараўында регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде санлы инновациялар, финанслық ҳәм блокчейн технологияларды енгизиў, киберқәўипсизликти тәмийинлеў, қәнигелер таярлаў сыяқлы бағдарларда ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемен.

Бул басламаны әмелий жүзеге шығарыў ушын Жаваҳарлал Неру атындағы Өзбек-Ҳинд мәлимлеме технологиялары орайының имканиятларын иске қосыўға таярмыз.

Бирге ислесиўимиздиң екинши әҳмийетли стратегиялық үстинлиги экономикалық шерикликти тереңлестириўден ибарат.

Кейинги бес жылда Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы товар алмасыў дерлик еки есеге көбейди, қоспа кәрханалар саны төрт жүзге жетти.

Санаат, инфраструктура ҳәм қурылыс тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Әндижан ўәлаяты ҳәм Гужарат штаты арасындағы кооперация табыслы раўажланбақта.

Мәмлекетлеримиз бизнеси ҳәм аймақлары дәрежесинде тиккелей байланысларды хошаметлеў мақсетинде «Ҳиндстан-Орайлық Азия» исбилерменлер кеңеси жумысына жаңа пәт бағышлаўды усыныс етемиз.

Кеңес инвестициялар ҳәм саўда тараўларында өз-ара толықтырып турыў факторы тийкарында жаңа өсиў ноқатларын анықлаў ушын исбилерменлеримиз арасында узақ мүддетли шериклик байланысларын жолға қойыўға жедел жәрдемлесиўи зәрүр.

Соның менен бирге, Ҳиндстан ҳәм Орайлық Азия арасында тиккелей жер үсти транспорт жолларының жоқ екенлиги экономикалық қатнасықларымыздың жедел раўажланыўына тосқынлық етип атырған тийкарғы фактор болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен биз Чабаҳор порты арқалы жаңа жолды ислеп шығыўға киристик. Бул порт «Арқа-Қубла» басламасы шеңберинде мәмлекетлеримиз арасында жүклер жеткерип бериўдиң әҳмийетли буўынына айланыўы мүмкин ҳәм шәрт.

Мәмлекетлеримиз транспорт министрлериниң ушырасыўларын жолға қойыў усынысын қоллап-қуўатлаймыз.

Бул механизмниң анық мазмунлығы ҳәм әмелий нәтийжелилигин тәмийинлеў әҳмийетли.

Министрлердиң биринши мәжилисиниң күн тәртибине «Қурғақ»лықтағы портлар тармағын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў, жүк тасыўда бирдей шегирме ҳәм жеңиллетилген тарифлер усыныў, жүклерди бажыхана рәсмийлестириўи тәртиплерин әпиўайыластырыў мәселелерин киргизиўди усыныс етемиз.

Энергетикалық нәтийжелилик ҳәм «жасыл» раўажланыў мәселелерине үлкен итибар қаратпақтамыз. Усыған байланыслы Ҳиндстанның табыслы тәжирийбеси ҳәм технологиялары биз ушын үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Ҳүрметли Ҳиндстан Бас министриниң басламасы  менен шөлкемлестирилген Халықаралық қуяш альянсына қосылыў нийетиндемиз.

«Жасыл» энергетика тараўындағы регионаллық бирге ислесиў мәселелерин быйыл сентябрь айында Аралбойында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде өткерилетуғын халықаралық форумда толық додалаўды усыныс етемиз.

Үшинши тийкарғы бағдар-мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў.

Улыўмалық мийрасымызды болажақ әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде музейлердиң бирге ислесиўин, көргизбелер ҳәм әнжуманларды, соның ишинде, онлайн түрде шөлкемлесириў, қолжазба фондларын санластырыў ҳәм қоспа виртуал китапханалар жаратыў, улыўма тарийх-археологиялық мийрасты қолланыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Сондай-ақ, Ҳиндстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығында Орайлық Азия мәмлекетлеринде Ҳинд киносы ҳәптелиги ҳәм Ҳинд мәденияты фестивалын өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Биз алдымызға қойған режелер табыслы әмелге асыўының ең әҳмийетли шәрти регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў болып есапланады.

Аўғанстандағы қыйын жағдай улыўма итибарымыз орайында қалмақта.

Бул мәмлекетте гуманитар кризис ҳәўиж алмаўына жол қоймаў және тынышлық процесине жәрдемлесиў зәрүр.

Бул Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеўге және Орайлық Азия ҳәм Ҳиндстан арасындағы өз-ара байланыслылықты  күшейтиўге хызмет ететуғын әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Қәдирли кәсиплеслер!

Бүгин билдирилген әҳмийетли усыныслар ҳәм басламалардың жүзеге шығарылыўы мәмлекетлеримиздиң «Ҳиндстан-Орайлық Азия» форматындағы көп тәреплеме шериклигин және де раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратады.

Усы мәнистен саммит жуўмағындағы Дели декларациясын қоллап-қуўатлаймыз.

Сөзимниң жуўмағында Бас министр мырза Модиге саммитти шөлкемлестиргени ушын және бир мәрте шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Барлық қатнасыўшыларға табыс ҳәм саламатлық, аманлық тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет!