1992-жыл 10-декабрде «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Быйыл гимн ҳаққындағы нызамның қабыл етилгенине 29 жыл толды.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам илажы болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз нышанлары, соның ишинде, гимнниң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Өзлериңизге мәлим мәмлекетлик гимнниң авторы Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Абдулла Орипов болып, оның намасы Өзбекстан халық артисти, белгили композитор Мутал Бурҳанов тәрепинен жазылған.

Халқымыз өтмишин, миллий-мәдений дәстүрлерин, қәдириятларын, тынышлық ҳәм миллетлераралық татыўлық сыяқлы пазыйлетлерди өзинде жәмлеген гимн өзлигимизди мақтаныш етиўде, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда, сондай-ақ, олардың ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўинде тәрбиялық әҳмийетке ийе қурал сыпатында хызмет етип келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги