Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасындағы судлардың судьялары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасында «Коррупция-раўажланыўымызға тосық» атамасында ушырасыў болып өтти.
Илаж Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң басламасы менен сүўретке алынған «Пушайман» қысқа метражлы фильмин тамашалаў менен басланды. Фильм фантастика ямаса ойлап табыўлардан ибарат емес, онда өз нәпсиниң қулына айланып, жынаятқа қол урған, ақыбетинде тәғдирине қара тамға түсирген инсанның өмири сөз етиледи. Оны тамашалар екенсең, кеселликти емлегеннен гөре, оның алдын алған абзал, деген ҳикметли сөздиң қаншелли ҳақыйқат екенлигин және бир рет аңлағандай боласаң.
Коррупцияның ҳәр қандай көриниси инсан ҳуқықларының бузылыўына алып келиўи менен бирге, турмысымызға және адамлардың қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын уйымласқан жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа да унамсыз иллетлер тамыр жайып, оның раўажланыўы ушын шараят жаратады. Усы көз-қарастан коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы маўасасыз гүресиўдиң алдыңғы халықаралық стандартларына тийкарланған сиситеманы енгизиў бойынша избе-из илажлар көрилмекте. Санлы технологиялардың имканиятларынан пайдаланған ҳалда нәтийжели механизмлер енгизилмекте. Бул бағдарда суд уйымларында да айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.
Фильмниң тек судьяларға ғана емес, ал, олардың шаңарақ ағзаларына да көрсетилип атырғаны тосыннан емес. Себеби, ҳәр бир инсанның өмиринде шаңарақтың тутқан орны айрықша.
Жәмийетимизде коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириў, оған имканият туўдыратуғын факторларды өз ўақтында анықлаў ҳәм шек қойыў мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында әҳмийетли есапланады. Сонлықтан да бул иллеттиң ҳәр қандай көринисине маўасасыз қарсы гүресиўде ең дәслеп ҳәр бир судьяда ҳадаллық иммунитетин арттырыў, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятларға бәрше өзиниң Ўатанға садықлығы, ҳадал ҳәм пәк мийнети менен жуўап қайтарыўы кереклиги атап өтилген бул илаж барлық қатнасыўшыларды терең пикир жүргизип, фильмнен тийисли жуўмақ шығарыўға шақырады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги