Өзбекистан Республикасы Президенти Баспасөз хызмети жанындағы пресс-холлда Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен баспасөз әнжуманы өткерилди.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Абдуҳакимов елимиздиң туризм потенциалын арттырыў, системада бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, халқымыздың тарийхый-мәдений мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, «Қәўипсиз туризм» концепциясын орынлаў, миллий туризм өнимлерин ҳәм брентлерин жәҳән саяхатшылық базарына алып шығыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Туризм экономиканың жедел раўажланып атырған ири тармақларынан бири болып, халықтың дәраматларын ҳәм бәнтлигин арттырыўда, елимизди экономикалық-социаллық раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекистанда бүгинги күнде 7 мың 300 ден аслам мәдений мийрас объекти, соның ишинде, 4 мың 200 ден артық археологиялық естелик, 2 мыңнан зыят архитектура объекти бар. Олардың 500 ден асламында туристлер келип көриўи ушын шараятлар жаратылған және туризм бағдарларына киргизилген. Буннан тысқары, 8 қорғалатуғын аймақ, 3 миллий тәбият бағы, 6 мәмлекетлик тәбият естелиги ҳәм 11 буйыртпахана туристлик тараўдағы имканиятларды жүзеге шығарыўға хызмет етпекте.

2017-жылы елимиздиң туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Президентимиздиң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасының туризм тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте көплеген жойбарлар бойынша әмелий жумысларды баслады.

Туризм тараўының нызамшылық тийкарын беккемлеў, тараўдағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыў шеңберинде жаңа редакциядағы «Туризм ҳаққында»ғы нызам жойбары ҳәм 30 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ислеп шығылды, олардан 22 си қабыл етилди.

Өткен жылы елимизге 2,5 миллион турист келген, туризм хызметлери экспорты 1 миллиард 557 миллион долларды қураған. Сондай-ақ, 128 туроператорлық хызметлерди көрсететуғын исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилип, бүгинги күнде олар 561 ге жеткен. Туроператорлар тәрепинен туристлерге көрсетилип атырған туристлик өнимлердиң көлеми ҳәм хызмет түрлери кеңейди.

Бухара, Самарқанд, Хийўа ҳәм Шаҳрисабз қалалары қәўипсиз туризм аймақлары деп жәрияланды, бул бойынша тийисли өлшемлер ислеп шығылып, қәўипсизлик илажлары енгизилди. Президентимиздиң 2017-жыл 5-декабрьдеги пәрманы тийкарында Ташкент ўәлаятында «Чарвақ» еркин туристлик зонасы шөлкемлестирилди.

Бухара ҳәм Самарқанд қалаларында «Әййемги Бухара» ҳәм «Самарқанд сити» туризм зоналарын шөлкемлестириў, улыўма есапта 450 ге шамалас жойбарды әмелге асырыў, соның ишинде, 50 мәдений мийрас объектин реставрациялаў ҳәм консервациялаў, 50 ден аслам мийманхана қурыў ҳәм қайта тиклеў, 100 ге жақын улыўма аўқатланыў объектин қурыў жумыслары алып барылмақта.

Баспасөз әнжуманында шет елли туристлер ушын виза ҳәм дизимге алыў тәртиби әпиўайыластырылғаны, жеке тәртиптеги шет елли туристлер ушын 30 күн мүддетке берилетуғын бирден-бир кириў туризм визалары енгизилгени ҳәм визаларды рәсмийлестириў баҳасы 60 АҚШ долларынан 40 долларға зайтылғаны атап өтилди.

Тармаққа мәлимлеме-коммуникация технологиялары избе-из енгизилмекте. Елимиздеги 600 ден аслам туристлик объектин бирлестирген «3-M3hm9nx9na» автоматластырылған системасы иске түсирилип, шет елли ҳәм жергиликли пуқаралардың есабын алып барыў процеси ҳәм бул бағдардағы есаплар электрон түрге өткерилди.

Илажда туризм хызметлериниң сапасын дүнья жүзилик талапларға муўапықластырыў, аэропортларда  бажыхана рәсмийлестириўин өткериўди әпиўайыластырыў бағдарында да үлкен қәдемлер тасланып атырғаны атап өтилди. Барлық аэропортларда «жасыл» ҳәм «қызыл» жоллар шөлкемлестирилгени, туристлерге қалаларымыздың картасын бериў, такси басқарыўшыларының мәдениятын арттырыў, транспорт хызметин кеңейтиў бағдарындағы жойбарлар ҳаққында мәлим етилди.

Соның менен бирге, шет елли туристлердиң наразылықларына себеп болып атырған факторлар, мәселен, кафе ҳәм ресторанлардың түнги ислеў ўақты шекленгени, бир, еки жулдызлы мийманханаларға аз итибар берилип атырғаны, автобуслардың жетиспеўи, аймақларда санитариялық-гигиеналық орынлар жеткиликли емеслиги сыяқлы мәселелер ҳаққында да сөз болып, оларды сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар избе-из әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Журналистлердиң сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берилди.

 

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршысы