Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов  өзи  сайланған  аймақ  «Қум аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты. 

Халық ўәкили сайлаўшыларға мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар туўралы мағлыўматлар берип, «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» деген принципке тийкарғы идея ҳәм баслы өлшем сыпатында итибар қаратыў кереклигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышын баслап береди. Биз буннан былай «Инсан – жәмийет – мәмлекет» деген жаңа принцип тийкарында жумыс алып барыўымыз зәрүр.

Ушырасыўда сайлаўшылардың машқалалары менен усыныслары, атап айтқанда, аймақтағы Шамурат лаққы ҳәм К.Мәмбетов көшелерин асфальтлаў, көшелерге жақтыландырыўшы шырақлар орнатыў бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Бул мәселе бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Абаданластырыў басқармасының қәнигелери жуўап берип, аймақтағы Шамурат лаққы ҳәм К.Мәмбетов көшелерине асфальт төсеў мәселеси 2022-жылғы мәмлекетлик бағдарламаның биринши шерегине киргизилетуғынын, ал көшелердеги тозыўы жеткен шырақлардың орнына жаңа жақтыландырыўшы шырақлар қойылатуғынын мәлим етти. Сондай-ақ, ушырасыўда аймақта транспортлардың көбейиўи ақыбетинде кеўилсиз жағдайлар жүз берип атырғанлығы ушын «Аша» бәндиргисине  светафор  орнатыў  бойынша  аймақ турғынларынан пикир-усыныслар болды.

Бул мәселени Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы қәнигелери үйренип шығып,  қала ҳәкимлигине усыныс киргизетуғынлығын мәлимледи.

Көтерилген  машқалалардың  айрымлары өз орнында  сапластырылған болса, айрымлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте үйренип шығыўға ҳәм қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги