Усы жылы 6-декабрь күни Нөкисте айна ҳәм есик конструкцияларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген  «Imzo» компаниясының филиалы өз жумысын баслады.

Жаңа кәрхананың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен елимизде жеке секторды раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Нәтийжеде елимизде исбилерменлик субъектлериниң саны жылдан-жылға артып, бул өз гезегинде жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс шараятларының жақсыланыўына хызмет етпекте.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамызда 25 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти ҳәрекет етип турған болса, соннан быйылғы жылдың өзинде Нөкис қаласында  915 кәрхана өз жумысын баслаған. Солардың бири тек мәмлекетимизде емес, ал, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы еллерине айна ҳәм есик конструкцияларын жеткерип бериўши ең ири кәрханалардан есапланған «Imzo» компаниясы филиалының ашылыўы айрықша әҳмийетке ийе болды.  Усы бренд астында шығарылып киятырған өнимлер менен аймақларды қамтып алыў мақсетинде  елимиз бойлап  өзиниң Шоу-роом және дилерлик орайларын ашып келген болса, енди өнимлердиң бир бөлеги республикамызда ислеп шығарылады.

Нөкис қаласында өз жумысын баслаған кәрханада компания тәрепинен жаңа инновациялық технологиялар тийкарында жоқары сапалы, қолайлы ҳәм ҳәр тәреплеме үнемли өнимлер ислеп шығарылмақта.

Илаж қатнасыўшылары көргизбеге қойылған «Imzo» өнимлери менен танысты. 2016-жылы мәмлекетимизде Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы еллери арасында биринши ҳәм ең үлкен «Imzo» айналары кәрханасы ашылған болса, Нөкис қаласында ашылған филиал Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын усы өнимлер менен тәмийинлейди.

Бул жерде айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўда жергиликли ықлым шараятымызға сай келетуғын, Европа лабораторияларында сынаўдан өткен Енгелберг ҳәм Акфа брендлериниң жоқары сапалы материаллары таңланған.

Энергия тежеўши айналар 7 қабаттан 10 қабатқа шекемги қалыңлықта болып, буның нәтийжесинде айна максимал дәрежеде нур өткериў, сондай-ақ қуяш нурларын ҳәм ыссылықты иркип қалыў имканиятына ийе.  Анығырақ айтқанда, ҳаўа райының ыссы күнлеринде қуяштың 58 процент ыссы нурын қайтарыў, солай етип, бөлмеде салқын ҳаўаны сақлап турады.

Бул жердеги ислеп шығарыў линиялары Европадан келтирилген болып, толық компьютерлестирилген басқарыў системасы менен тәмийинленген. Оларды бул заманагөй үскенелерди жетик меңгерген жергиликли жаслар басқармақта.

Демек, жәҳән базарында  өз орнын тапқан компания филиалы республикамыз экономикасын буннан былайда раўажландырыўда өзиниң салмақлы үлесин қосары сөзсиз.

Кәрхананың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери