Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланған ҳәптелик шеңберинде «Коррупция раўажланыўымызға тосық» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси М.Нуратдинов, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы И.Алдабергеновлар шығып сөйлеп, корупцияға қарсы өткерилип атырған илажлардың әҳмийетине тоқтап өтип, коррупция ҳәм оған қарсы әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берди.

Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, Ҳүкимет қарарлары ҳәм Президент пәрманларының мазмун-мәниси терең түсиндирилип, пикир-усыныслар билдирилди.

– Соңғы жылларда бажыхана хызмети уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер негизинде бажыханадағы жумыслардың көпшилиги аралықтан, исбилерменлердиң яки басқа мүрәжат етиўшилердиң тиккелей қатнасығысыз алып барылатуғын болды. Жумысты усылай шөлкемлестириўден гөзленген мақсет – исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараятларды жаратыў, олардың ўақытларын ҳәм қәрежетлерин үнемлеў менен бир қатарда, бажыхана уйымларында коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм усы иллетке қарсы гүресиўдеги қатаң позициясын белгилеў болып есапланады,-дейди бажыхана хызметкери Н.Розибаев. – Илажда басқарма басшылары да сөзге шығып, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысларды күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги