Малайзияның билимлендириў бағдарындағы Tasbeeh компаниясы менен Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы арасында Меморандумға қол қойылды.

Усы меморандумға тийкарланып филиалдың профессор-оқытыўшылары менен студентлерин United language Network тил үйрениў орайы  тәрепинен халықаралық тән алынған  CEFR ҳәм ELTS курсларына таярлайды. Бул жерде инглис тилин толық үйрениўге мүмкиншилик жаратылады.

Шәртнамаға муўапық, бүгинги күнде инглис тилине болған талаптың артып атырғанлығы, магистратура басқышында ELTS сертификатларының талап етилиўи, сондай-ақ, айырым пәнлерде инглис тилинде алып барылып атырғанлығын инабатқа алған ҳалда Tasbeeh компаниясы менен биргеликте ТИТУ Нөкис филиалында United language Network тил үйрениў орайының таярлық курсларын жолға қойыў нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги