Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күни 4 млн. 586 мыӊ гектар жайлаў жерлери болып,  соныӊ 2 млн 41 мыӊ гектары 345 қаракөлшилик субъектлерине бөлип берилген.

Мине усы жайлаўларда ҳәзирги күнлери 71 мыӊнан аслам шарўа маллары күтимли бағылмақта. Соныӊ ишинде қаракөлшилик кластерлери тәрепинен 1,2 мыӊнан аслам нәсилли қойлар шет мәмлекетлерден алып келинген болса, 252 мыӊ АҚШ долларлық
52 дана гилем ҳәм 2500 қаракөл  сур терилери Россия, Қырғыз Республикасы ҳәм тағы басқа да еллерге экспорт етилген.

Усы шарўа малларын қыстыӊ аязлы күнлеринен тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў ушын 108 мыӊ 303 тонна от-жем талап етиледи.

Әйне күнлери болса, республикамыздыӊ шарўа хожалықларында малларды қыслатыў мапазы баслап жиберилди.

Усы жылдың 4-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары Шухрат Ғаниев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығы Мурат Камаловлар республикамыз шарўаларыныӊ бүгинги турмысы ҳәм оларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде, Тахтакөпир районындағы «Мүлик»  аўыл пуқаралар жыйынында болды ҳәм усы аймақтағы “Саҳра Кеӊеси” қаракөлшилик кластериниӊ шопанлары менен сәўбетлести.

Ушырасыў даўамында Бас министр орынбасары Ш.Ғаниев ҳәм республикамыз басшысы тәрепинен шопанларға арнаўлы кийим-кеншек, азық-аўқатлық затлар ҳәм шарўа маллары ушын жуғымлы от-жемлер тапсырылды.

Сондай-ақ, сапар даўамында Бас министр орынбасары Шухрат Ғаниев тәрепинен район ҳәкими ҳәм тийисли шөлкем басшыларына шарўа малларын қыс айларында тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў бойынша бир қатар тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевлар қатнасты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы