Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 16-январь күни елимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Қытай Халық Республикасының Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Сунь Лицзени қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Қытай елшисиниң жумысы нәтийжели болғанын және еллеримиз арасындағы дослықты ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге үлкен үлес қосқанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
2017-жыл май айында ҚХРға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиў ҳәм еки ел басшылары ерискен келисимлер Өзбекистан – Қытай бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳәм оны анық мазмун менен байытыў имканиятын бергени атап өтилди.
Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар, соның ишинде, парламентлер ҳәм регионлараралық қатнасықлар жеделлести. Тәреплер бир-бирин халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде де қоллап-қуўатламақта.
Өз-ара саўда көлеми избе-из артып бармақта. 2017-жылдың жуўмақларына бола, товар алмасыў көлеми 4,5 миллард долларға жеткен. Гидроэнергетика ҳәм нефть-газ тармағын, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында жоқары технологиялы өндирислик кәрханаларды қурыў салаларында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Әҳмийетли регионаллық транспорт жоллары – «Өзбекистан – Қырғызстан – Қытай» автомобиль ҳәм темир жолларын раўажландырыў бойынша биргеликтеги жумыслар баслап жиберилген.
Мәдений-гуманитарлық, илимий ҳәм билимлендириў салаларындағы тәжирийбе алмасыўлар кеңеймекте.
Өз гезегинде, Қытай елшиси Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми менен жақсы тилеклерин жеткерди.
Дипломат Қытай өз-ара қатнасықларға тийкарғы әҳмийет қаратып атырғанын, Өзбекистан менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў тәрепдары екенин айрықша атап өтти.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай елшисиниң ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлесин инабатқа алып, Сунь Лицзеге Ўатанымыздың жоқары мәмлекетлик сыйлығы – «Дўстлик» орденин тапсырды.
Елши Сунь Лицзе мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа оның жумысына жоқары баҳа бергени ушын ҳәм «Дўстлик» ордени менен сыйлықлағаны, сондай-ақ, Өзбекистанда Қытай дипломатиялық миссиясының жумысына берилип атырған ҳәр тәреплеме көмек ушын шын жүркетен минннетдаршылық билдирди.
Өзбекистан Республикасы менен Қытай Халық Республикасы арасында көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда буннан былай да белсене қатнасыў мақсетинде екенин атап өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси, Министрлер Кабинети, министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.
ӨзА