Қәбилетли жас өспиримлерди излеп табыў, олардың интеллектуаллық қәбилетин арттырыў, қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2021-жыл даўамында «Камалак жулдызлары» республикалық балалар дөретиўшилик фестивалын өткериў белгиленген еди.

Фестивальдың қалалық ҳәм районлық басқышларына 10 мыңға шамалас жаслар қамтып алынды.

Нөкисте еки күн даўамында усы фестивальдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилип, бул илажларға 350 ден аслам жаслар қамтып алынды.

«Камалак жулдызлары» фестивалы тийкарынан алты бағдарда болып,  2 жас категориясында (6-10 жас ҳәм 11-14 жас) болып өтти.

«А» «Б» «С» бағдарлары «Есжан бақсы» атындағы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде, «D» «Е» «F» бағдарлары «Прогресс» билим ҳәм раўажландырыў орайына қараслы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде өткерилди.

Бунда, «А» — классика-фортепиано, тарлы музыка ҳәм үплеп-урып шертилетуғын музыка әсбаплары, «Б» — вокал-дәстүрий ҳәм академиялық атқарыў, эстрада,  фольклор ҳәм хор топарлары, «C» — миллий саз әсбаплары-тарлы шертип ҳәм урып шертилетуғын музыка әсбаплары, «D» — миллий аяқ-ойын,  дүнья халықлары, бал ҳәм заманагөй аяқ ойынлар, «Е» — сүўретлеў өнери-графика,  реңли сүўрет,  скульптура, миниатюра. әмелий қол өнери-гүлалшылық, зергерлик, қурақшылық, гилем тоқыў, жумсақ ойыншықлар, нағыс соғыў, кестешилик, ағаш оймакерлиги, ганч оймакерлиги ҳәм дизайн, «F» — поэзия-қосық жазыў,  ғәзел,  дәстан, проза-гүрриң, ертек жазыўдан ибарат болды.

Фестивальдың жуўмақлаўшы бөлими Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында өткерилди.

Фестиваль жуўмағында 6 бағдар бойынша ең талантлы, шаққан, зийрек жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери