Нөкис қаласындағы «Бес төбе» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм қаладағы 64 мәкан пуқаралар жыйынының хызметкерлери өз мәҳәллелериниң белсендилери менен биргеликте «Әҳмийетли 40 күнлик» илажы шеңберинде сексеўил нәллерин отырғызыў жумысларына қатнасты.

Ийгиликли илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм оның биринши орынбасары М.Ахмедовалар да қатнасып, аймақты көгалландырыўдың әҳмийетин атап өтип, нәл отырғызыў жумысларын алып барды.

–  Мәҳәллемиздиң әтирапында қумлы жерлер оға да көп,-дейди «Бес төбе» МПЖ баслығы Темирбек Жумамуратов. – Бүгин аймағымызда абаданластырыў жумыслары менен бирге, жақсы нийетлер менен сексеўил нәллерин егиў жумыслары да алып барылды. Сексеўил нәллери жоллардың әтирапларына да егилди. Бул самалдың күшейген пайытларында, даўыл турғанда қумларды иркиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Өткерилген илаждың әҳмийетли тәрепи сонда, усы илажларға Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларынан 200дей адамның аўызбиршиликли түрде қатнасқаны болды. Себеп пенен ушырасып, мәҳәлле жумысларына байланыслы мәселелер туўралы да сәўбетлестик.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги