Усы жыл 1-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасында салтанатлы  мәжилис болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды 1-декабрь Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 32 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, тил-ҳәр бир халықтың руўхый байлығы, қәдириятлар негизи ҳәм тийкарғы қарым-қатнас қуралы есапланады. Сонлықтанда әзел-әзелден халқымызда «Тил миллеттиң айнасы», «Тил жасаса, миллет жасайды», «Тилге итибар-елге итибар» деген терең мәнили сөзлер бийкарға айтылмаған.

Неше әсирлерден бери ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған ана тилимиз халқымыздың өзлигин көрсетиўде, елимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеп киятырған бийбаҳа байлық, сондай-ақ, елимиздиң тарийхын, миллий қәдириятларымызды, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген ғәзийнемиз болып есапланады.

Әлбетте, миллий мәдениятымыз ҳәм мәнаўаятымыздың раўажландыўында, оның жоқары дәрежеге ерисиўинде ана тилимиздиң орны айрықша әҳмийетке ийе болып табылады. Сол себепли, соңғы жыллары елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, бул бағдарда ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Буның айқын мысалы ретинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң шөлкемлестирилгени, қарақалпақ тилиндеги жаңа сөзликлердиң, сабақлықлар менен қолланбалардың, көркем-әдебий китаплардың, монографиялардың баспадан шығарылып атырғаны, ана тилимизди раўажландырыўға бағышланған илимий конференциялар менен басқада илажлардың шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиўимизге болады. Сондай-ақ, ана тилимиздиң тазалығын сақлаўда әҳмийетли орын тутатуғын латын имласындағы «Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги»ниң басып шығарылып, билимлендириў мәкемелери ушын қарақалпақ тилиндеги көркем әдебиятлардың жеткерип берилиўи-булардың барлығы ана тилимизге деген жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады. Соның ушын да быйылғы жылы бул байрамның «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында өткерилип атырғаны тосыннан емес. Усы қутлы сәне мүнәсибети менен  республикамыздың барлық орынларында байрам илажлары, ушырасыўлар, әдебий кешелер ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерилмекте.

Соны айрықша атап өтиў керек, усы жылдың 16-июль сәнесинде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен «Қарақалпақ тилин буннан былайда раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў және тил сиясатын жетилистириў концепциясы, усы концепцияны 2021-2023-жылларда әмелге асырыў бағдарламасы, латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине басқышпа-басқыш толық өтиўди тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды және орынланыўы қадағалаўға алынды.

Сондай-ақ, Министрлер Кеңеси жанында қарақалпақ тилин раўажландырыў қорын шөлкемлестириў, билимлендириў мәкемелеринде ана тилимизди оқытыў системасын буннан былайда жетилистириў, қарақалпақ тилиниң заманагөй мәлимлеме-технологиялары ҳәм коммуникацияларына белсене интеграцияланыўын тәмийинлеў, ана тилимиздиң халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайын арттырыў, бул бағдарда сырт еллер менен бирге ислесиўди раўажландырыў, тилдиң азадалығын сақлаў, оны байытып барыў және халықтың сөйлеў мәдениятын арттырыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

Әлбетте, бул бағдарда әмелге асырылып атырған  жумыслар ана тилимизди буннан былай да раўажландырыўда, оны абырайын еле де арттырыўда, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзирги глобалласыў ҳәм мәлимлеме дәўиринде ана тилимизди қәстерлеп сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў-бәршемиздиң ең әдиўли парызымыз болып табылады.

Илажда Тахтакөпир районындағы 6-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Д.Қаниязова жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Ж.Турдыбаев өзиниң ана тилине бағышланған қосығын оқып берди.

Тил байрамы мүнәсибети менен жоқары оқыў орынларының бир топар оқытыўшылары менен улыўма билим бериў мектеплериниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлерине естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам салтанаты мәдений илаж бенен даўам етип, қатнасыўшылар нәзерине  көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың йошлы нама ҳәм қосықлар, аяқ ойынлар гүлдәстеси усынылды.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.