Усы күнлерде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңестиң Терроризмге қарсы гүресиўде инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў мәселелери бойынша Арнаўлы баянатшысы Фионнуала Ни Аолайн басшылығындағы делегация елимизде болып тур.
БМШ ўәкиллери 30-ноябрь күни Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова менен ушырасты. Сөйлесиўде Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (Балалар омбудсманы) Алия Юнусова, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили (Бизнес-омбудсман) Дилмурод Қосимов ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының орынбасары Дилноза Муратова да қатнасты.
Сөйлесиў ўақтында 2019-жыл шөлкемлестирилген Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) жанындағы қыйнаўлардың алдын алыў бойынша Миллий превентив механизм шеңберинде ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жаўық мәкемелерге әмелге асырылған мониторинг сапар етиўлери ҳәм пенитенциар мәкемелерде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша шараятты халықаралық стандартларға сәйкеслендириў бағдарында әмелге асырылған жумыслар, сондай-ақ, Омбудсманның соңғы 10 айлық жумысы ҳаққында сөз болды.
Соңғы бес жылда инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў тараўында, суд-ҳуқық системасында мәмлекетимизде жүз берген унамлы өзгерислер тән алынды.
Конструктивлик руўхта өткен ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери де додаланды.
БМШ Арнаўлы баянатшысы Сирия, Ирақ ҳәм Аўғанстаннан қайтып келген шахслар реабилитация орайына да барды.
Абырайлы халықаралық шөлкемниң ўәкиллери Ташкент ўәлаятында жайласқан орында «қайнаўытлы ноқат»лардан алып шығылған ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын жаратылған шараят пенен жақыннан танысты.
2019-жылдан берли Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Сирия, Ирақ ҳәм Аўғанстандағы ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қайтарыў бойынша бес мәрте «Меҳир» операциясы әмелге асырылды. Қорқынышлы аймақлардан мәмлекетке жәми 531 жәбирленген алып келинди.
Республикада «қайнаўытлы ноқат»лардан алып шығылған ҳаял-қызлар ҳәм балаларды реабилитациялаў мақсетинде дүзилген жумысшы топарларға усы пуқаралардың ҳүжжетин тиклеў, оларды жумыс, баспана менен тәмийинлеў, балаларды мектеп ҳәм мектепке шекемги мәкемеге жайластырыў, жетим балалар ушын қәўендер, қайырқом белгилеў ямаса оларды мәмлекетке тийисли социаллық мәкемениң ықтыярына бериў, бул инсанлардың денсаўлығы ҳәм руўхый жағдайы үстинен турақлы қадағалаў орнатыў ҳәм мониторинг алып барыў ўазыйпасы жүкленди.
Жәҳән жәмийетшилиги Өзбекстанның өз пуқараларын қорқынышлы аймақлардан, атап айтқанда, Ирақ, Сириядан ўатанына қайтарыў ҳәм реинтеграциялаў бағдарындағы жумысларды қоллап-қуўатламақта.
Ушырасыў даўамында бундай ҳәрекетлер бойынша Өзбекстан сыяқлы белсендилик көрсетип атырған мәмлекетлердиң аз екени атап өтилди.
Фионнуала Ни Аолайн басшылығындағы делегацияның Өзбекстанға сапары даўам етип атыр.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы