1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен орынларда мәдений-ағартыўшылық илажлары өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында «Ана тилим – мақтанышым!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ассистент-оқытыўшысы Н.Алламуратов шығып сөйлеп, қарақалпақ тили, оның басқа тиллерден өзгешелиги ҳәм раўажланыў тарийхы туўралы мағлыўматлар берди.

Бажыхана хызметкерлери менен қарақалпақ тилинде ис жүргизиў, сондай-ақ, өсип киятырған жас әўладтың ана тилине болған итибарын ҳәм ҳүрметин арттырыў бойынша жақыннан пикир алысты.

  • Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда қарақалпақ тили бойынша қәнигениң келиўинен пайдаланып, тараўда кең қолланылатуғын айырым терминлердиң мазмун-мәниси де кеңнен додаланды. Бажыханашылар қарақалпақ тилинде ис жүргизиўде тараўға байланыслы терминлерди қолланыўда ушырасатуғын айырым мәселелер бойынша да өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды,-дейди басқарма хызметкери Н.Розибаев. – Илажда бул мәселелер бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги