Нызамшылық палатасында 30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты структурасындағы Парламентаризмди раўажландырыў бойынша БМШ оқыў орайының оқыў залы ашылды.
Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТИКА) ҳәм Конрад Аденауэр атындағы қордың Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген мәресимде парламент депутатлары, сенаторлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан менен БМШ арасындағы бирге ислесиў кейинги жыллары жаңа басқышқа көтерилди. Мәмлекетимиз басшысы халықаралық көлемде, соның ишинде, БМШ шеңберинде де көплеген басламаларды алға қоймақта. Бул Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша елимизде кең қамтыўлы демократиялық реформалар алып барылып атырғанынан дәрек береди.
Мәмлекетимизде Парламентаризмди раўажландырыў бойынша БМШ оқыў орайының шөлкемлестирилгени де усы бағдарда қойылған және бир үлкен қәдем болып есапланады.
Орайда сырт еллер парламентлери ҳәм басқа да мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте депутатлық корпус ҳәм сенаторлар, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў тараўы қәнигелериниң көнликпеси, маманлығы ҳәм потенциалын арттырыў бойынша оқыў бағдарламалары жаратылады.
Сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў, пуқаралар мәпин билдириў ҳәм халық пенен ашық-айдын сөйлесиўди жолға қойыў, нызам ҳүжжетлерин тәртипке салыў тәсирин баҳалаў, нормативлик-ҳуқықый жақтан тәртипке салыў жүгин оптималластырыў, Өзбекстан аймағында ҳәм республикамыздың тысқарысында аралықтан оқытыў ушын билимлендириў модуллери менен бағдарламаларын өз ишине алған және «электрон парламент» системасы менен интеграцияласқан «Онлайн» система жаратыў да нәзерде тутылған.
Жәмәәт алдына қойылған және бир ўазыйпа қәнигелик арттырыў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын әмелге асырыў, тыңлаўшыларға БМШтың турақлы раўажланыў мақсетлери тараўындағы бағдарламаларының мазмун-мәнисин жеткериўден ибарат.
Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТИКА) менен биргеликте Оқыў орайы ең соңғы техника ҳәм технологиялар менен толық үскенеленеди. Енди бул жойбар еки туўысқан халық арасындағы илимий байланысларды күшейтиўде де беккем көпир ўазыйпасын атқарады.
Ҳәзирги күнге шекем Нызамшылық машқалалары институты, БМШ оқыў орайы, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилип киятырған, сайлаўларда халықтың электорал мәдениятын арттырыўға қаратылған әмелий илажларға 20 мыңнан аслам жас қамтып алынды.
БМШ оқыў орайы «Сайлаў технологиялары» методикалық қолланбасын таярлаўда да қатнаспақта. Сондай-ақ, структура тәрепинен пуқаралардың сиясий ҳәм ҳуқықый белсендилигин арттырыўға қаратылған мақалалар басып шығарылып, арнаўлы оқыўлар шөлкемлестирилмекте. Буған мысал тәризинде быйыл декабрь айынан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы «Жаслар парламенти» ағзаларының нызам дөретиўшилигине байланыслы заманагөй билимин арттырыўға қаратылған оқыўларға старт берилиўин келтириў мүмкин.
Жуўмақлаў орнында атап өтиў орынлы, бул оқыў орайы Турақлы раўажланыў мақсетлери бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий және ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўда ең алдыңғы сырт ел технологиясынан пайдаланыўдың өзине тән «идеялар лабораториясы» болып хызмет етеди, бирге ислесиўши шөлкемлер арасындағы дослық ҳәм шериклик байланысын және де беккемлейди.
Илажда Нызамшылық машқалалары институты ҳәм Конрад Аденауэр атындағы қордың Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте баспадан шығарылған «Жаслар ҳәм сайлаў: электорал мәдениятты арттырыўдың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы халықаралық конференция материаллары топламының презентациясы да өткерилди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы