Коронавирустың «омикрон» деп аталған түриниң дүнья жүзи көлеминде тарқалыў қәўипи бар.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ағза мәмлекетлерге усыныс сыпатындағы есабатында былай делинген.

Шөлкемлердегилер бул вирустың кеңнен тарқалыўына бейим мутациясына белги бермекте.

«Бундай өзгешеликлери менен ол көп ғана факторларға қарамастан келешекте кеңнен тарқалыў итималын пайда етеди. Омикронға байланыслы қәўиптиң дәрежеси жоқары», делинеди жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң есабатында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги