«Жаслар айлығы» шеңберинде Нөкис қаласындағы «Ўатансүйиўшилик бағы»нда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен, жасларда әскерий хызметке сүйиспеншилик, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў мақсетинде «Мениң армиям – мениң мақтанышым!» сүрени астында жаслар акциясы өткерилди.

Арқа-Батыс әскерий округи, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда заманагөй әскерий техникалар, әсбап-үскенелердиң көргизбеси шөлкемлестирилип, әскерий оркестрдиң атқарыўында қосықлар атқарылды.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәр бир жас, әсиресе, ер жигитлер балалығынан армияға барыўды, әскерий хызметте болыўды нийет етеди. Ер азаматлар дегенде, әскер формасындағы ўатан қорғаўшылары көз алдымызға келеди.

Илажда мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң жетискенликлери атап өтилип, әскерий хызметти өтеп атырған жаслар ушын жаратылған шараятлар, мүмкиншиликлер, әскерий хызметти өтегеннен кейин олардың оқыўға ҳәм жумысқа кириўдеги жеңилликлери туўралы мағлыўматлар берилди.

Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери