Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында 5-декабрь-халықаралық волонтёрлар күнине бағышланған байрам кешеси болып өтти.
Илажда БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска, Японияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёщинори Фуджияма, БМШ тың халықтаныўшылық қорының Өзбекстандағы ўәкили Ю.Ю, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов шығып сөйлеп, экологиялық қыйын шараятта жасап атырған халықтың денсаўлығын беккемлеўде биргеликтеги жойбарлардың әҳмийетине, COVID-19 ҳәм басқа да кеселликлерден алдын алыў ҳәм оны емлеў, халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барып атырған денсаўлықты сақлаў хызметкерлери менен бирге волонтёрлардың да айрықша мийнетине тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, БМШ тың Раўажландырыў Бағдарламасы, ЮНФПА Халықтаныўшылық қоры менен биргеликте «Аралбойы аймағындағы халықтың экономикалық, экологиялық ҳәм денсаўлығын сақлаў мәселелериндеги қәўипсизликти сапластырыў арқалы турмыс турақлылығын беккемлеў» биргеликтеги жойбары шеңберинде Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Бозатаў, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында жумыс алып барып атырған волонтёрлардың саны бүгинги күни 2081 ди қурайды. Олар халық арасында COVID-19, сондай-ақ, дем алыў жоллары, жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек кеселликлериниң алдын алыў ҳәм кеселликтен кейинги жағдайды емлеў, ана-бала саламатлығын беккемлеў бағдарында кең көлемли үгит-нәсият жумысларын алып барды. Әсиресе, елимиз бойлап жәрияланған карантин дәўириндеги түрли кеселликлер профилактикасы бойынша алып барыған жумысларын айрықша атап өткен орынлы. Олар телефон ҳәм социаллық тармақлардағы мессенжериндеги топар арқалы аймағындағы пуқаралардың ҳал-жағдайынан хабар алып, зәрүрли мәсләҳәтлер берип барды.
Өткерилген мониторинг нәтийжесинде быйылғы жылдың январь-ноябрь айлары аралығы даўамында волонтёрлар тәрепинен орынларда 47924 сәўбетлесиў өткерилип, жәми 25905 шаңарақ қамтып алынды. Кеселликлердиң алдын алыў бойынша 31242 пуқараға мағлыўмат берилди.
Илажда дем алыў жоллары, жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек кеселликлериниң алдын алыў ҳәм ана-бала саламатлығын беккемлеў, COVID-19 кеселлигиниң алдын алыў бойынша ең көп мәлимлеме сессиясын өткерген волонтёр, «Әзиз волонтёр» қосығына нама жазған волонтёр, белсенди волонтёр-районлық медицина бас мийирбийкеси номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги