Төрткүл районы «Оқ қамиш» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «М-О» фермер хожалығында исеним хаты тийкарында ис жүргизиўши болып ислейтуғын пуқара Б. ҳәм ҳеш қандай буйрықсыз ислеп атырған пуқара Қ. өз ара тил бириктирип, нобай дәрамат арттырыў мақсетинде пуқара Х.ның исенимине киреди.
Олар пуқара Х.ға балық бағыў ушын 3 жасалма көл, жай салыў ушын жер ҳәм басқа бир фермер хожалығынан салы егиў ушын 3 гектар жер ажыратып бериўди ўәде етип, оннан 108 000 000 сум (10 000 АҚШ доллары) талап етип, соралған пулдан 5 000 АҚШ долларын усы жылдың 17-ноябрь күни саат 19:00 лерде санап алып атырған ўақытта ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен гүманланыўшы сыпатында қолға алынған.
Ҳәзирги ўақытта тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.