Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Исбилерменлик субъектлерин узақ мүддетли кредит қаржылары менен тәмийинлеў, олардың валюта қәўип-қәтерлерин азайтыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменлерди келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң  исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң валюта қәўип-қәтерлерин азайтыў ушын 1 миллион АҚШ долларына шекемги муғдарда сырт ел валютасында ажыратылған кредитлер миллий валютаға өткерип берилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Коммерциялық банклерден сырт ел валютасында алынған кредитлер миллий валютаға өткерилгенде әмелдеги компенсация бериў ҳаққындағы шәртнамалары бар исбилерменлик субъектлериниң эквиваленти 1 миллион АҚШ долларынан, процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен  артпайтуғын кредитлердиң тийкарғы ставкадан артатуғын, бирақ  5 процентлик пункттен көп болмаған бөлеги  бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда – Қор) тәрепинен  компенсация берилетуғыны белгиленсин.

Онда, Қорға усы кредитлер бойынша әмелдеги компенсациялардың муғдарларын қайта есап-санақ етип, олардың улыўма муғдарын тең салмақлы түрде өзгертиўге руқсат етиледи.

  1. 2021-жыл 1-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасы атынан сырт ел валютасында исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлери (кейинги орынларда – ХФИ ҳәм ХҲҚШ) қаржылары есабынан тартылған кредитлер (қарызлар) жойбарда қатнасыўшы қаржы шөлкемлерине 10 жылдан кем болмаған мүддетке ямаса олар тартылған мүддетке қайта кредитленетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Халықаралық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў агентлиги ХФИ ҳәм ХҲҚШлар қатнасыўында қайта кредитленетуғын жойбарлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жойбарлар шеңберинде қаржыландырылған субжойбарлар ҳаққында, сондай-ақ, олардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы үстинен мониторинг нәтийжелери бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлемени өз рәсмий веб-сайтында турақлы жәриялап барсын.
  3. Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-февральдағы 77-санлы қарары менен тастыйықланған Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги жанындағы Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры ҳаққындағы режеге қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минитсрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргзсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм С.Ў.Умурзаковқа  жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 27-октябрь