Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Миллий эстрада дөретиўшилик мектеплерин жаратыў, жоқары тәжирийбели қәнигелер таярлаў, илимий потенциалдан нәтийжели пайдаланған ҳалда миллий эстрада көркем өнерин жедел раўажландырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан халық артисти Батыр Закировтиң туўылған күниниң 85 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы ПҚ-4908-санлы қарарына муўапық:

  1. Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанында Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

миллий эстрада бағдары бойынша тәжирийбели қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, олардың илимий-дөретиўшилик  жумысы менен шуғылланыўы ушын кең имканиятлар жаратыў;

миллий эстрада бағдарында оқыў-методикалық әдебиятлар жаратыў, атақлы композитор ҳәм мелодистлер, қосықшы ҳәм музыкантлардың дөретиўшилигин терең үйрениў,  сондай-ақ, миллий эстрада дөретиўшилигиниң үлгилерин нотаға көшириў;

миллий эстрада бағдары бойынша фундаментал, әмелий ҳәм дөретиўшилик  излениў және изертлеўлер алып барыў, тараўда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплердиң өзине тән атқарыўшылық усыллары ҳәм дәстүрлерин қайта  тиклеў ҳәм раўажландырыў;

миллий эстраданың заманагөй атқарыўшылық усылларының үлгилерин нотаға алыў ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизиў, миллий эстраданың социаллық-тарийхый тийкарлары, илимий-методикалық негизлери, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар менен байланыслы тәреплерин илимпазлар ҳәм атқарыўшылық қәнигелердиң қатнасыўында терең үйрениў;

миллий эстраданы және де раўажландырыў, бул бағдарда қәлиплескен атқарыўшылық ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң жумысын қоллап-қуўатлаў және раўажландырыў;

миллий эстрада бағдарында заманагөй атқарыўшылық үлгилериниң «Алтын фонды»н жаратыў;

халқымыз, атап айтқанда, жас әўладтиң санасында миллий эстрада арқалы миллий өзликти аңлаў сезими, жоқары көркем-эстетикалық талғамын ҳәм ой-пикирин сәўлелендириў;

эстрада бағдарында сырт ел билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери менен халықаралық биге ислесиўди жолға қойыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў.

  1. Институт мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы (кейинги орынларда – Консерватория) қурамында жумыс ислейтуғыны;

Институтта оқыў процеси 2021-2022-оқыў жылынан басланып, билимлендириў мәмлекетлик гранти ҳәм төлем-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;

2022-2023-оқыў жылынан баслап Институтта қабыллаў параметрлери белгиленген  тәртипте ҳәр жылы тастыйқланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлеринен келип шыққан ҳалда  қәлиплестирилетуғыны;

Институт питкериўшилерине  жоқары билимлендириў ҳаққында ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын мәмлекетлик  үлгидеги диплом берилетуғыны;

Консерватория ушын тастыйықланған бир оқытыўшыға  туўра келетуғын студентлердиң санының шекленген нормативлери Институтқа да енгизилетуғыны;

Институт профессор-оқытыўшылары ҳәм концертмейстерлерине Мәденият министрлиги системасында узақ мүддет хызмет еткени ушын ҳәр айлық  ақшалай сыйлық (үстеме) төлеп барыў тәртиби  енгизилетуғыны;

Консерватория кеңесиниң қарарына тийкарланып Консерваторияның бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Институттың материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға ҳәм Институт кеңесиниң қарарына тийкарланып Институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Консерваторияның материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға руқсат берилетуғыны;

Институт Консерваторияның материаллық-техникалық базасынан ҳәм Консерватория Институттың материаллық-техникалық базасынан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

2021-2022-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясынан Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы  жанындағы Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институтына өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институтында 2022-2023-оқыў жылынан баслап  жаңадан ашылатуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы  бир ҳәпте мүддетте 2021-2022-оқыў жылы ушын  Институтқа қабыллаў параметрлерин тастыйықласын және абитуриентлердиң онлайн тәризде дизимнен өткерилиўин шөлкемлестирсин.

Усы қарардың 1-қосымшасына муўапық дизимде келтирилген  бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлернде билим алып атырған Консерваторияның 2-4-курс студентлери  2021-2022-оқыў жылынан  оқыўын Институтта даўам еттиретуғыны ҳәм оқыў жуўмағы бойынша оларға  мәмлекетлик үлгидеги диплом берилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери  етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан, сондай-ақ, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын  қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары және нызамшылық ҳүжжетлеринде  қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) ҳәм Консерватория (К.Т.Уринбаев):

а) төмендегилерди:

Институт структурасын жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген нормативлерге муўапық тастыйықлаў;

Институт уставын белгиленген тәртипте тастыйықлаў ҳәм оны мәмлекетлик дизимнен өткериў;

б) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Х.Тошкулов) менен биргеликте:

бир ҳәпте мүддетте Институттың жумысын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, тастыйықлаў ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыў, сондай-ақ, Институттың бакалавриат тәлим  бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин нормативлик ҳүжжетлер менен тәмийинлеў;

бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў;

в) 2021-2022-оқыў жылынан баслап Институттың илимий-педагог кадрларының қурамын жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлерде және Мәденият министрлиги системасында жумыс ислеп атырған, соның ишинде, сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде тәжирийбесин арттырып келген профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлер, сондай-ақ, тараўдағы потенциаллы әмелиятшы қәнигелер арасынан қәлиплестириў;

г) 2022-2023-оқыў жылынан баслап  республикадағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплери, мектеп-интернатлар және мәденият, музыка ҳәм көркем өнер колледжлерине Институттың жетекши профессор-оқытыўшылары  ҳәм мәмлекетимизде дөретиўшилик етип атырған белгили эстрада шеберлерин бириктириў  арқалы «Шеберлик сабақлары»н жолға қойыў илажларын көрсин.

  1. Консерватория (К.Т.Уринбаев):

потенциаллы кадрларды тартқан ҳалда тәлим ҳәм илимий жумысты сапалы  шөлкемлестириў;

тәлим, тәрбия, илимий, методикалық ҳәм дөретиўшилик процесслерди нәтийжели басқарыў;

билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў;

сабақлық, оқыў қолланбалары, оқыў-методикалық материаллар ҳәм мәлимлеме ресурслары менен тәмийинлеў;

профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў ҳәм талантлы жаслар селекциясын әмелге асырыў;

илимий-изертлеў жумыслары ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм миллий эстрада мектебиниң бағдарларын раўажландырыўда Институтқа жәрдем берип барсын.

  1. Институтта:

Батыр Закиров естелигине бағышланған  естелик комплекси  ҳәм музей;

өзбек миллий эстрадасы ғайраткерлериниң «устаз-шәкирт» дөретиўшилик  мектеплери;

заманагөй дөретиўшилик студиялар  ҳәм  мәлимлеме-ресурс орайы  шөлкемлестирилсин.

  1. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдухакимов), Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы (Р.Абдуллаев), Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ҳожиматов), Батыр Закиров атындағы жәмийетлик фонды, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов), Көркем өнер академиясы (А.В.Нуридинов), Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) менен биргеликте:

музейге Батыр Закиров ҳәм Закировлар дөретиўшилик династиясының өмири ҳәм жумысы, миллий эстрада көркем өнеринимиздиң раўажланыўы ҳәм дүнья көлеминде кеңнен енгизилиўин айқын сәўлелендириўши экспонатларды, Батыр Закировтың дөретиўшилигине тийисли көркем өнер үлгилери ҳәм әдебий шығармаларды топласын және онда турақлы түрде көргизбе-экспозиция шөлкемлестирип барсын.

Институтта «устаз-шәкирт» дөретиўшилик мектеплерин шөлкемлестириўде миллий  эстрадамыздың белгили ғайраткерлерин тартсын және олардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятларды жаратсын;

Дөретиўшилик студияларды зәрүр заманагөй үскене ҳәм техникалар, сондай-ақ, мәлимлеме-ресурс орайын музыка сабақлары, ноталар топламлары және оқыў, илимий ҳәм көркем өнер әдебиятлары менен тәмийинлесин.

  1. Институт ўақытша Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Бешёғоч кварталы, Дархан көшеси, 157-жайында 3-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имарат ҳәм объектлеринен бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 8-августтағы «Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының жумысын және де раўажландырыў ҳәм жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3178-санлы қарарына  тийкарланып Консерваторияға тутас аймақта қурылысы жуўамқланып атырған Консерватория жанындағы Музыка тараўы педагогларын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының оқыў имараты ҳәм студентлердиң турақ жайы оператив басқарыў  ҳуқықы менен  Консерваторияға тапсырылсын және усы объектлерге Институт ҳәм усы орай бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) усы қарардың 10-бәнти екинши абзацында көрсетилген объектлердиң қурылыс-монтажлаў ҳәм үскенелеў жумысларын быйылғы жылы жуўмақлаў ушын 2021-жылы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде өзлестирилмеген ҳәм үнемленген қаржыларды қайта бөлистириў есабынан қаржы ажыратсын.
  2. Инстиутта 3, соның ишинде, 1 жеке бириктирилген, гастроль-концерт жумысы ушын зәрүр болған 1 автобус ҳәм 1 жүк тасыўшы автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит ажыратылсын.
  3. Усы қарарда нәзерде тутылған қәрежетлерди қаржыландырыў 2021-жылы республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Мәденият министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде,  2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) еки ай мүддетте:

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги  (Ш.М.Cадиков) менен биргеликте онлайн лекция және дистанциялық тәлим технологияларын енгизиў ушын Институтты телекоммуникация үскенелери  ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў, сондай-ақ, жоқары тезликтеги Интернет және «Электрон тәлим» миллий тармағына белгиленген тәртипте қосыў илажларын көрсин;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият министри О.А.Назарбеков және жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.А.Абдухакимов, Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 16-октябрь