Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Әзербайжанда болып тур

303

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Баку қаласында Түркий мәмлекетлер Парламент ассамблеясының (ТүркПА) 13-жалпы мәжилисинде қатнаспақта. Бул ҳаққында Сенаттың рәсмий веб-сайты хабар берди.

«Түрк дүньясы ушын жасыл горизонтлар: жасыл күн тәртибин әмелге асырыўда парламентлердиң роли» темасына бағышланған илажда ТүркПАға ағза мәмлекетлер парламентлериниң басшылары, сондай-ақ, ТүркПАның бақлаўшы ағзалары делегатлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги