Өзбекстан Президентиниң Түркияға рәсмий сапары даўамында еки мәмлекеттиң Биринши ханымлары – Зироат Мирзиёева ҳәм Эмине Эрдоған бир қатар мәдений илажларда қатнасты.
Биринши ханымлар Түркия Республикасы Президенти жанындағы Халық китапханасында болды. 2020-жылы оның салтанатлы ашылыў мәресиминде Шавкат Мирзиёев ҳәм Зироат Мирзиёева ҳүрметли мийман болған еди.
Бул реттеги сапары даўамында китапхана бойлап саяхат өткерилди. 11 қабатлы бул саўлатлы комплекс орайлық вестибюл, оқыў заллары, архив ҳәм лабораториялар, көргизбе орынлары, кафетерийлерди өз ишине алған. Оның қоры 4 миллион китап ҳәм 700 мың күнделикли баспалардан ибарат.
Танысыў ўақтында Зироат Мирзиёева ҳәм Эмине Эрдоған бир-бирине китаплар саўға етти.
Мийманлар ҳүрметине китапханада әмелий санаат көргизбеси де шөлкемлестирилген. Өзбекстан ҳәм Түркияның Биринши ханымлары бул көргизбени көзден өткерди. Халықларымыздың мәдений тамырларын көрсетиўши дәстүрлер ҳәм өнерментшилик буйымлары бәршеде жақсы тәсирлер қалдырды.
Түркия Республикасына тийкар салынғанының 100 жыллығы мүнәсибети менен китапханада Фотиҳ Султон Меҳмедке бағышланған көргизбе шөлкемлестирилген. Зироат Мирзиёева оны қызығыўшылық пенен тамаша етти.
Көргизбеде Султанның қылышлары, саўытлы шекпенлери ҳәм сол дәўир тарийхына тийисли көплеген естеликлер бар. Олар Меҳмедтиң балалығы, ҳүкимдарлық дәўири, Стамбулды жаўлап алыўы, илимий өмири ҳаққында гүрриң етеди.
Биринши ханымлар миллий липаслар ҳәм гилемлер көргизбесин де көрди. Онда Түркия аймақларының өзине сай дәстүрлери, тоқымашылық усыллары, гезлемелер ҳәм символлар ҳаққында айтып берди.
Мәдений илажлардан соң, Зироат Мирзиёева ҳәм Эмине Эрдоған еки тәреплеме ушырасыў өткерди. Сөйлесиўде халықларымыз арасындағы мәдений- гуманитарлық байланысларды беккемлеў, туризм, экология, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында тәжирийбе алмасыў ҳәмийетли екени атап өтилди.
Биринши ханымлардың ушырасыўы, ҳәр қашанғыдай, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
ӨзА