Кейинги жыллары адамлардың дәрти менен тәшўишлерин, машқалаларын үйрениў, оларды ойландырып атырған мәселелерге унамлы шешим табыў, мүрәжатлар менен ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бирақ бүгин дәўирдиң өзи заман менен тең болыў, керек болса, оннан бир адым алдын қәдем таслаўды талап етпекте.

Бүгин турмыс жеделлик пенен өзгермекте, адамлардың талаплары, тилеклери өзгермекте. Сол мәнисте барлық тараўларда болғаны сыяқлы усы әҳмийетли бағдарда да өткен қысқа дәўирде арттырылған унамлы тәжирийбелерди және де жетилистириў, оны мазмун жағынан раўажландырыў оғада зәрүр.

Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар талланғанда, бир қатар кемшиликлер бар екенлиги мәлим болды. Мине усы тәреплерди итибарға алған ҳалда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатларының басламасы менен «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.

Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети тәрепинен усы нызам жойбарын дәслепки түрде көрип шығыўға бағышланған жумысшы топар мәжилиси өткерилди. Онда төменги палата депутатлары, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлериниң жуўапкерлери және ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Демек, бул нызам жойбарын ислеп шығыўға қандай зәрүрлик пайда болды?

Атап өтилгениндей, әмелдеги «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызам 2014-жыл 3-декабрьде қабыл етилген. Онда жәмийетлик мүрәжатқа түсиник берилмеген. Бул нызам жойбарында болса жәмийетлик мүрәжат бир ямаса бир неше мәселе бойынша үштен аз болмаған шахстың мүрәжаты деп ашып берилмекте. 9-статьяда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ўәкиллерин қабыллаў тәртиби белгиленген болып, мәмлекетлик уйымлар шөлкем басшылары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди қабыллаў киргизилген.

– Бүгин «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекет уйымлары халқымызға хызмет етиўи керек», деген ийгиликли принцип мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары етип белгиленген,-дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Мавжуда Ҳасанова. – Әсиресе, орынларда барлық дәрежедеги басшылар менен жанлы сөйлесиўлер ҳәм көшпели қабыллаўлар жолға қойылғаны адамларда машқалаларын шешиў мүмкин екенлигине үлкен үмит ҳәм исеним оятты. Бирақ ҳәзирги дәўир мүрәжатлар бойынша жаңаша система ислеўди талап етип атырғаны себепли бир топар депутатлардың басламасы менен усы нызам жойбары ислеп шығылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, усы нызам жойбарын ислеп шығыўда сырт ел тәжирийбелери, атап айтқанда, пуқаралардың мүрәжатлары ҳаққындағы Беларусь, Қырғызстан, Әзербайжан Республикаларының нызам нормалары үйренип шығылған. Нызам жойбарына бола, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамның 3, 9, 13, 21, 231, 241-статьяларына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

Өткен жылы коронавирус пандемиясы себепли көп шөлкемлер аралықтан ислеў системасына өткен еди. Соның ушын нызам жойбарына пуқараларды видеоконференцбайланыс арқалы қабыл етиў тәртиби де киргизилмекте. Бул, өз гезегинде, еки тәреплеме сөйлесиўди жолға қойыўға имканият береди.

Мәжилисте нызам жойбары жумысшы топар тәрепинен қызғын додаланып, депутатлар тәрепинен келип түскен усыныслар тийкарында және де жетилистирилетуғын болды.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы