Сайлаў процесинде заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў ашық-айдынлықты тәмийинлейди, сондай-ақ, сайлаўшылар ушын ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратып береди. Соның ушын, бир қатар мәмлекетлер сайлаў процесинде заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланып келмекте.
Айырым сайлаў участкаларында сайлаў процесин видео-трансляция етиў бойынша қосымша илажларды белгилеў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисиниң күн тәртибинен орын алды.
– Ҳәммемизге белгили, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге 2019-жылы өткен сайлаўларда сынаў түринде 60 сайлаў участкасында 120 бақлаў видеокамерасы орнатылған еди. Усы сайлаў участкаларындағы даўыс бериў процеси Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында, Халықаралық баспасөз орайында ҳәм «Өзбекстан 24» телеканалында реал ўақытта эфирге жиберилгени жақсы нәтийже берген еди. Усы жылы бул бағдардағы жумыслар және де жетилистирилиўи ҳәм көлеми кеңейтилиўи зәрүр. Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша миссиясы тәрепинен усы жылдың 15-сентябринен 5-октябрине шекемги болған дәўирдеги бақлаўшыларының аралық есабатында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға унамлы баҳа берилди. Есабатта Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен барлық сайлаў комиссияларының геолокациялық мағлыўматларын өз ишине алған интерактив мобиль қосымшаның ислеп шығылғаны, сайлаў комиссиялары ағзаларының каскад усылында оқытылыўы ҳәм сайлаў күни «COVID-19»дың алдын алыў бойынша қабыл етилген илажлар айрықша атап өтилди,-деди ОСК баслығы Зайниддин Низомхўжаев.
Атап өтилгениндей, даўыс бериў күни мәмлекетимиз аймағында жайласқан 207 сайлаў участкасында сайлаў процесслери онлайн видео-трансляция етиледи. Видео-трансляция процеси Орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз орайындағы үлкен көлемдеги экран арқалы, сондай-ақ, «saylov2021.uz» порталы және Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Өзбекстан 24» ҳәм басқа да телеканалларында онлайн түринде жибериледи. Трансляция ўақыты 24-октябрь күни саат 8:00 ден 20:00 ге шекем белгиленген.
Ҳәзирги күнде сырт ел тәжирийбеси ҳәм бар имканиятлардан келип шығып, усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында ҳәр бир район ҳәм қаладағы биреўден үлги сайлаў участкасында екеўден камера ҳәм зәрүр қурылмаларды орнатыў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Санлар менен айтатуғын болсақ, 207 район ҳәм қалада көлеми 414 бақлаў камерасы орнатылыўы белгиленген.
Ҳәзирги күнде бақлаў камераларын орнатыў ҳәм онлайн эфирге жибериў бойынша барлық қәрежетлер «Қәўипсиз қала» жәмийетлик тәртипке жәрдемлесиў орайы қәнигелери менен биргеликте есап-санақ етилген ҳәм тийисли шәртнамаға қол қойылған.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы