Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте.

Дәслеп депутатлар «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда ҳәр тәреплеме көрип шықпақта.

Нызам жойбарын дийдисине жеткериўде тутыныўшылардың ҳуқықларын кепиллеў, сатыўшының жуўапкершилигин және де арттырыўға қаратылған нормалар менен байытылды.

Сондай-ақ, нызам жойбарында ислеп шығарыўшы ҳаққында, саўда ҳәм хызмет көрсетиў қағыйдалары, товар ҳаққындағы мәлимлемени тутыныўшыларға мәмлекетлик тилде толық жеткериў, товарды экспертизадан өткериў жағдайлары өзиниң сәўлелениўин таппақта. Буннан тысқары, жойбарда ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм мәмлекетлик емес жәмийетлик бирлеспелердиң тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы ўәкилликлери ҳәм ҳуқықлары беккемлеп қойылмақта.

Жойбар товарларды аралықтан турып, мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда реализациялаў ўақтында тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыўына жол қоймаў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған нормалар менен де толықтырылды.

Нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилди.

Мәжилисте халық ўәкиллери «Гидрометеорология жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда ҳәр тәреплеме көрип шықты.

Нызам жойбарындағы гидрометеорология хызметин бирден-бир шөлкемлестириўшилик-техникалық система сыпатында жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған ҳуқықый нормалар гидрометеорология жумысын әмелге асырыў тәртиби, соның ишинде, гидрометеорология жумысының объектлери ҳәм субъектлери, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин тәтипке салыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Депутатлардың атап өтиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи, гидрометеорологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеў системасын раўажландырыў, гидрометеорология тараўындағы регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етеди.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.

Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде «Почта байланысы ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды. Бул нызам жойбары елимиздеги почта байланысы хызметлери базарының жетилистириў дәрежеси ҳәм жер жүзилик почта байланысы хызметлери базары раўажланыўының заманагөй тенденцияларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған.

«Почта байланысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы бул тараўдағы қатнасықлардың барлық тәреплерин белгилеп беретуғын базалық нызам болып есапланады. Бирақ ҳәзирги күнге келип, ол почта байланысы тараўын ҳуқықый тәртипке салыў заманагөй тенденцияларға жуўап бере алмайды.

Атап айтқанда, нызамшылық әмелиятына муўапық почта байланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленбеген. Почта байланысы тараўын мәмлекет тәрепинен лицензиялаў арқалы тәртипке салынатуғыны белгилеп қойылған болса да, ҳәзирги күнге шекем бул жумысты лицензиялаў тәртиби енгизилмеген.

Усыныс етилип атырған нызам жойбарында болса әмелдеги «Почта байланысы ҳаққында»ғы нызамды почта байланысы ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм халықаралық шәртнамалардың нормаларына муўапықластырыў, почта байланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм почта байланысы түрлерин белгилеў нәзерде тутылмақта.

Халық ўәкиллери нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етти.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы