Орайлық сайлаў комиссиясы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте «Өзбекстанда 2019-2021-жыллары сайлаў процесин қоллап-қуўатлаў» биргеликтеги жойбарын әмелге асырмақта.

Усы жойбар шеңберинде «Сайлаў ҳәм гендер: сиясат тараўында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша халықаралық ҳәм миллий әмелият» темасындағы семинарларға старт берилди.

Усы жойбар бойынша 2021-жылда әмелге асырылатуғын илажлар Президент сайлаўы кампаниясы дәўиринде бирге ислесиўге қаратылған болып, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын ҳәм инклюзивлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм майыплығы болған пуқаралардың сайлаўда белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаў илажларына бағышланады.

Оқыў-семинарлар Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлери, ҳаял-қызлларды қоллап-қуўатлаў тараўындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳаял-қызларының сайлаў процесиндеги қатнасы бағдарындағы кәсиплик билим дәрежесин арттырыўға қаратылған болып, ҳаял-қызлардың сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң барлық басқышларында қатнасыў имканиятларын және де арттырады.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев, Швейцарияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси К.Оболенский, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили М.Димовска, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Г.Маруфова қатнасты.

– Өзбекстанда Президент сайлаўына таярлық жәмийетти демократияластырыў процесслери күн сайын кеңейип, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги жоқарылап атырған, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң сайлаў системасын модернизациялаў жумыслары жеделлескен шараятта әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Оның ушын Өзбекстанда барлық ҳуқықый тийкарлар ҳәм имканиятлар жаратылған: улыўма тән алынған тийкарғы халықаралық сайлаў стандартлары ҳәм нормалары имплементацияланған миллий сайлаў нызамшылығы да, сайлаўларды өткериў бағдарында көп жыллық миллий тәжирийбе де, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары да бар,-деди Зайниддин Низомхўжаев.

Кейинги жыллары Өзбекстанда гендер теңлик мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Ҳәзирги күнге келип тараўға байланыслы 25 нызам ҳүжжети қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты қурамында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитети, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республикалық ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси сыяқлы жаңа структуралардың шөлкемлестирилиўи Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳуқықлары, гендер теңликти тәмийинлеўдиң бир пүтин механизмине айланды.

Өзбекстан тарийхында биринши мәрте миллий парламентте ҳаял-қызлар саны БМШ тәрепинен белгиленген усынысларға сәйкес дәрежеге жетти. Мәмлекетимиз парламенти ҳаял-қызлар саны бойынша дүньядағы 190 миллий парламент арасында 37-орынға көтерилди. Ҳәзирги күнде сиясий партияларда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлардың үлеси  44 процентке, басқарыў лаўазымындағы ҳаял-қызлардың үлеси 27 процентке жетти.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы алып барылып атырған реформалардың даўамы сыпатында быйылғы жылы болып өткен Сенаттың 15-жалпы мәжилисинде «Өзбекстанда 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы» қабыл етилгенлиги атап өтилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятларды жаратыў баслы бағдарлардан бири. Стратегияда нәзерде тутылған бул бағдардағы илажлардан келип шыққан ҳалда, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўдың барлық басқышларында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың теңдей тийкарда қатнасыўын бақлаўшы 11 индикаторлар ислеп шығылды.

Бул индикаторлар быйылғы сайлаў кампаниясынан баслап әмелиятқа енгизилмекте. Ҳәзирги күнде индикаторлардан 7 еўи бойынша толық мағлыўматлар бар.

Оқыў-семинарларға БМШРБның халықаралық экспертлери тартылған.

 

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы