Соңғы ўақытлары Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәтиниң басламасы менен Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, бир қатар мәпдар шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўында ибратлы басламалар әмелге асырылмақта. Бурын хабар етилгениндей, усы жылдың май айында  Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи аймағына еки күнлик медиасаяхат шөлкемлестирилген еди. Президентимиздиң усы  жыл 18-январьдағы «2017-2021 жыллар аралығында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде өткерилген илажға елимиздеги орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ тәбиятты қорғаў бойынша қәнигелер, экологлар қатнасты.

Жақында Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң кәсиплик байрамы қарсаңында республикамыздың тарийхый орынлары, елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы байрамы алдынан Елликқала районында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде және бир медиасаяхат шөлкемлестирилди.

 

ДӘСЛЕПКИ МӘНЗИЛ – ШЫЛПЫҚ

Шылпық қорғаны

Үлкемиздиң таңғы ҳаўасы оғада жағымлы. Ерте турғанның ырысқы-несийбеси мол болады, – дегениндей, жумыс орнынан азанғы бесте жыйналып, жолға атландық. Жолаўшылар тасыўға қәнигелестирилген «Нөкис-Лада-транс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы, ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен елимизде ислеп шығарылған «ISUZU» маркалы автобусты шебер басқарып киятырған Алий Шамшетдинов ҳәп заматта бизди Шылпық қорғанына алып барды.

Көпшилигимиз Нөкис-Төрткүл гүзар жолынан қандайда бир транспортта өтип баратырып естеликти сыртынан тамаша етсек те, бул жерге арнайы келе бермеймиз. Саяхатымызды усы жерден баслағанымыздың да мәниси сонда. Нешше әсирдиң гүўасы болған бул естеликтиң  биз билген ҳәм билмеген өз алдына тарийхы бар. Солай да болса, халқымыздың узақ өтмишинен, ата-бабаларымыздың өмир жолынан саза беретуғын бундай естеликлердиң республикамыз аймағында жайласқанлығы биз ушын үлкен мақтаныш. Оны келешек әўладқа жеткериў болса, ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз.

Естеликтиң үстине шығып, әтирапты тамаша етсеңиз, кеўилиңиз көтериледи. Жап-жасыл липасқа бөленген атызлар, қалың тоғайзарлық, кенарына сыймай, бурқасынлап ағып турған дәрья суўы, қулласы үлкемиздиң өзине тән, тәкирарланбас, әжайып тәбияты инсанға илҳам-йош бағышлайды. Дийқанларымыздың тынымсыз мийнети нәтийжесинде өнип-өсип атырған бул дақыллар халқымыздың ертеңги мол ырысқы-несийбесинен, дәстурханымыздың молшылығынан, тыныш-татыў, абадан турмысымыздан дәрек береди.

 

МӘМЛЕКЕТЛИК БИОСФЕРА РЕЗЕРВАТЫНДАҒЫ БУХАРА СУЎЫНЛАРЫ

Сапарымыз даўамында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватында әмелге асырылып атырған жумыслар менен де жақыннан таныстық. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарарына муўапық Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң Тоғай бас басқармасы, Қорықхананалар, миллий тәбийғый бағлар ҳәм аңшылық хожалықлары басқармасы жанында қайта шөлкемлестирилген бул орынға Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағынан жәми 68717,8 гектар жер майданы ажыратылып берилип, соннан, 11568,3 гектары қорықхана зонасына, 6731,4 гектары буфер зонаға, 50418,1 гектар аралық зонаға киргизилип берилген. Бүгинги күни мәмлекетлик биосфера резерватының қорғаў зонасы Жумыртаў, Бадай тоғай ҳәм Назархан участкаларын қамтып алған.

Аймақта метеорологиялық ҳәм гидрологиялық бақлаў жумыслары алып барылмақта. Қәнигелердиң мәлим еткениндей, бүгинги күни 826 бас Бухара суўыны, суў бассейнинде балықтың 43, жер баўырлаўшылардың 11 түри, сондай-ақ, сағал, порсық, қоян, түлки, жабайы шошқа сыяқлы ҳайўанат түрлери ушырасады. Соның менен бирге, Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының, жоқары оқыў орынларының илимпазлары тәрепинен усы жердеги қәнигелер менен биргеликте тәбият жылнамасын жүргизиў, Бухара суўынларының мониторинги ҳәм оның популяциясы, биосфера резерватының энтемофаунасы, аймақтағы өсимликлер дүньясының мониторинги сыяқлы төрт бағдарда илимий жумыслар алып барылмақта. Буннан тысқары, аймақтағы өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясының есабы, жасаў орынларының мәўсимлик өзгериўи, тәбийғый және антропоген күшлердиң қоршаған орталыққа тәсири, олардың турақлы раўажланыў барысы үйренилип барылмақта. Сондай-ақ, экотуризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бойынша 6 жөнелис ислеп шығылды.

 

ФЕРМЕРДИҢ ТҮЙЕҚУСЛАРЫ

Район ҳәкимлигиниң қәнигелери бизди Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бостан страус» фермер хожалығына баслап барды. Өткен жылы алып келинген түйеқуслар бүгинги күни күтимли бағылмақта.

-Ҳәр қандай басламаның өз алдына машқаласы болады,-дейди фермер хожалығының баслығы Хамдам Саидабдуллаев.- Шаңарағымыз бенен биргеликте түйеқус бағып атырған фермер хожалығы туўралы берилген көрсетиўди тамаша етип отырып, балаларымыздың усы қусты бағыў бойынша усынысы жаңа басламаға тийкар болды. Өткен жылдың жаз айында туўылғанына алты ай болған бес бас түйеқус алып келип бағып атырмыз. Қәнигелердиң айтыўынша, бул қустың гөши, соның менен бирге майы бир қатар кеселликлерге шыпа екен. Еки жасқа толғаннан кейин мәйек туўып баслайды.

Қоңсылас Хорезм ўәлаятындағы түйеқус бағыў менен шуғылланып атырған фермерлерден мәсләҳәт алып турамыз. Ҳәзирше оларды беде, мәкке, арпа, басқа да қосымша от-жемлер менен бағып атырмыз. Тез-тез суў ишкизип турыў керек екен. Бизиң аймағымыздың суўығына шыдайды, бирақ ыссы күнлеринде сақлаў бираз қыйыншылық пайда етеди. Неде болса, аман сақлап қалыўдың илажын көрип атырмыз. Азанғы мәҳәлде бәриниң ойынға түскенин тамашаласаң, қыйыншылықлар умыт болады.

Район ҳәкимлиги қосымша жер майданын ажыратып берди. Келешекте олардың бас санын көбейтип, халқымызды гөш ҳәм мәйек өнимлери менен тәмийинлемекшимиз. Ҳәзирдиң өзинде аўылласларымыз бул қусты бағыўға қызығыўшылық билдирип атыр.

 

БОТАНИКА БАҒЫ ПАЙЫЗЛЫ МӘКАН

Сапарымыз даўамында райондағы ең пайызлы орынлардың бири Өзбекистан Илимлер академиясы өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар генофонды институтына қараслы Әмир Темур атындағы Ботаника бағында да болдық. Улыўма 43 гектар майданды ийелеген бул жерде тек өзимизде ғана емес, ал, дүньяның көплеген еллеринде өсетуғын терек ҳәм гүллердиң нәллери алып келинип, бизиң ымлым шараятымызға бейимлестирилмекте. Соннан бүгинги күнге 200 ден зыят терек, 200 ге шамалас путалы терек, гүлдиң 80 нен аслам түри өсирилмекте. Экологиялық аймақта бундай бағдың шөлкемлестирилиўи бизде айрықша тәсир қалдырды.

Мәселен, келип шығыў ўатаны Закарпатье болған каштан буннан сегиз жыл бурын егилген еди. Жаўын-шашынлы үлкеде өсетуғын бул терек бизиң ықлым шараятымызға бейимлесип, өткен жылы гүлледи ҳәм быйылғы жылы биринши мәрте мийўелемекте. Қәнигелердиң айтыўынша, каштан еки түрли болып, оның бириншисиниң шыпабағыш жапырағынан, екиншисиниң мийўесинен пайдаланыўға болады. Олар унталып жағылса, бир қатар кеселликлерге, соның ишинде ревматизмге оғада пайдалы. Қулласы бул жерде пальма терегинен тартып, еменге шекем, бизиң ықлым шараятымызда бурын егилмеген банан, қрым қарағайы, қара арша сыяқлы тереклердиң, бир-биринен шырайлы гүллердиң көплеген түрин ушыратыўға болады.

Быйылғы жылы Ташкент қаласынан 50 түрли терек нәли алып келинген болса, соннан 38 түри бурын бизиң ықлым шараятымызда өспеген. Бул бағдарда Түркия менен бирге ислеспекте. Усы елден алып келинген теректиң 20  түрин қурылыс материалы ретинде, 26 түрин отын ретинде пайдаланыў мүмкин.

Арал теңизи апатшылығы шараятында көбирек терек егиў, оны бизиң ықлым шараятымызға бейимлестириў бағдарында илимий жумыслар алып барыў менен бир қатарда республикамыздың барлық қала ҳәм районларын, кәрхана, мәкеме, шөлкемлерди мийўе ҳәм саяманлы терек нәллери менен тәмийинлеп келмекте. Өткен жыллар даўамында Үстүрт газ-химия комплексине, Мойнақ, Қоңырат, Тахтакөпир районларына нәл жеткерип берилди. Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»н қәўендерликке алған.

-Мынаў Өзбекистан халық шайыры Мухаммед Юсуптың өз қолы менен еккен каштан тереги,-дейди Ботаника бағының директоры, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Рустам Бабажанов.-«Жақсыдан бағ қалады»,-дегениндей, сүйикли шайырымыз бенен биргеликте еккен едик. Бүгин әжайып терек болды. Районымызға келген ҳәр бир мийман, әлбетте, бизиң бағымызды тамаша етеди. Бәршени мирәт етип, бирге ислесиўге шақырамыз.

 

ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ДӘСЛЕКИ ҚӘДЕМ

Район аймағындағы Султан Ўайс баба, сондай-ақ Аязқала тарийхый орынларын зыярат етер екенбиз, туризмди раўажландырыў бойынша бир қатар имканиятлардың бар екенлигиниң гуўасы болдық. Бул бойынша Аязқала тарийхый естелиги жанында жумыслар баслап жиберилген. Миллий қара үйлер тигилип, туристлерге хызмет көрсетиўши орынлар шөлкемлестирилген. Әтирапты түйелерде саяхат етиў мүмкин. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасының туризм саласын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманынан соң көплеген жумыслар қолға алынбақта. Жергиликли исбилерменлер тәрепинен Ақшакөл бойындағы заманагөй тәризде қурылып атырған дем алыў орынлары буның айқын гүўасы болып табылады.

«Күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлеги болған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде, биз, бәринен бурын, бәрқулла жаңалық излеп, жаңалыққа умтылып, турмыстың қайнап турған орынларына кирип баратуғын, қалыслық ҳәм туўры сөзлик, Ўатан ҳәм халық мәплерин биринши орынға қоятуғын жоқары мәртебели ҳәм жуўапкершиликли кәсип ийелерин көз алдымызға келтиремиз», делинеди Өзбекистан Республикасы Президенти

Шавкат Мирзиёевтың елимиздиң баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине байрам қутлықлаўында. –Солай екен, бундай сапарлар дөретиўши инсанларды жаңа басламаларға, ибратлы ислерге руўхландырары сөзсиз.

Жуўмақлап айтқанда, медиатур қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Бул илажды шөлкемлестириўге жақыннан жәрдем берген ҳәм қоллап-қуўатлаған Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлигине, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлимине, Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәтлерине миннетдаршылық билдиремиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң хабаршысы.