Ҳүрметли Эмомали Шарипович!
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Сизлерди шын кеўилден қутықлайман ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми дүзилгениниң жигирма жыллығы мүнәсибети менен билдирилген барлық қутлықлаўларға қосыламан.
Тәжикстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Эмомали Шарипович Раҳмонға бизге көрсетилген ҳәр сапарғыдай шын кеўилден миймандослық ҳәм юбилей ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.
Тәжикстан тәрепиниң табыслы басшылығын, оның даўамында көп тәреплеме бирге ислесиўимиздиң барлық бағдарларында ашық ҳәм нәтийжели пикирлесиў тәмийинленгенин жоқары баҳалаймыз.
Душанбе саммити шөлкемимиздиң роли ҳәм әҳмийети бойынша пикир алысыў, оның потенциалына ҳәм биргеликте ислеў перспективаларына жаңаша нәзер менен қараў ушын жақсы имканият.
Ҳақыйқатында да, өткен дәўирде ШБШ дүнья сиясатының әҳмийетли субъектине айланды, абырайлы халықаралық структуралар қатарынан ылайықлы орын ийеледи.
Регионаллық шериклик «Шанхай руўхы» принциплери тийкарында беккемленип бармақта.
Жаңа қәўип-қәтер ҳәм ҳүжимлерге қарсы турыў бойынша биргеликтеги потенциалымыз беккемленбекте, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңеймекте.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгин бәршемиз дүньяда ҳәм регионда кескинлик артып баратырғанының гүўасы болып турмыз.
Пандемияның унамсыз ақыбетлери сақланып қалмақта.
Булардың барлығы бизден және де биригиў ҳәм шөлкемимиз шеңберинде бир-биримизди қоллап-қуўатлаўды талап етпекте.
Усы мақсетте:
– ШБШның ашықлығын, үшинши мәмлекетлер ҳәм басқа шөлкемлерге қарсы қаратылмағанлығын сақлап қалыў;
– улыўма қәўип ҳәм ҳүжимлерге қарсы өз ўақтында ҳәм биргеликте илаж көриў;
– регионаллық экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў;
– регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исенимди беккемлеў, ШБШ мәканында мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр, деп есаплайман.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Кәсиплеслеримниң шығып сөйлеўлеринде атап өтилгениндей, бәршемиз Аўғанстандағы жағдайдан жүдә қәўетердемиз.
Бүгин бул мәмлекетте жаңа ўақыя жүз берди, ҳәкимият басына жаңа күшлер келди. Бул әмелге асып болған факт. Усы мүнәсибет пенен Аўғанстандағы жағдайға, сондай-ақ, мәмлекеттиң жаңа ҳәкимияты менен сөйлесиўди раўажландырыўға байланыслы өз-ара келисилген қатнасларды ислеп шығыў зәрүр.
Атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыўда аўған жәмийетиниң барлы қатламларынан кең сиясий ўәкилликке ерисиў; регионда экстремизмниң көбейиўине ҳәм радикал идеология экспортына, Аўғанстан аймағынан қоңсы мәмлекетлерге қарсы бузғыншы ҳәрекетлер ушын пайдаланылыўына жол қоймаў; инсанның, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм миллий азшылықлардың тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў; кең көлемли гуманитар дағдарыс, қашқынлар ағымының өсиўиниң алдын алыў, социаллық машқалаларды шешиўде бул мәмлекетке жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли.
Бул бағдарда Аўғанстанның сырт ел банклериндеги мәмлекет активлерине қолланылған музлатыўды бийкар етиў имканиятын көрип шығыў лазым.
Ҳәрекетлеримизди бирлестириў ҳәм бул мәмлекеттеги жағдайды сиясий жол менен шешиў мәселелерин кеңнен додалаў мақсетинде «ШБШ Аўғанстан» форматында, бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм қарым-қатнас бойынша шериклерди тартқан ҳалда жоқары дәрежедеги ушырасыўларды турақлы өткерип барыўды усыныс етемиз. Биринши усындай ушырасыўды Ташкент қаласында өткериўге таярмыз.
Әзиз дослар!
Бүгинги саммит жуўмағында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиўдей абырайлы ҳәм жүдә жуўапкершиликли ўазыйпа Өзбекстан Республикасына өтпекте.
Ҳүрметли кәсиплеслеримнен билдирген қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклери ушын шын кеўилден миннетдарман.
Өз гезегинде, биргеликтеги жумысларымыздың келеси дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлары ҳәм ўазыйпаларын белгилеп алыўды қәлер едим.
Биринши. ШБШ потенциалы ҳәм абырайын және де беккелеў бағдарындағы ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр.
Гезектеги ушырасыўымызға шекем Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы келеси бес жылда әмелге асырыў бойынша комплексли бағдарлама таярлаўды усыныс етемиз.
Екинши. ШБШның регион ишиндеги саўданы раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў усынысын алға қоямыз.
Оған саўда тосқынлықларын сапластырыў, техникалық регламентлерди жақынластырыў, бажыхана тәртиплерин санластырыў бойынша биргеликтеги илажларды ҳәм базарларға өз-ара шығыўды жеңиллестириў бойынша басқа да илажларды киргизиў зәрүр.
Үшинши. ШБШ санаат кооперациясы бағдарламасының қабыл етилиўин жеделлестириў зәрүр.
Мәмлекетлеримизде Индустриал кооперация орайларының дүзилиўи бағдарламаны әмелге асырыўдың әмелий механизми болады.
Биз, сондай-ақ, келеси жылда Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Экономикалық форумы ҳәм Санаат жаңалықлары ҳәптелигин өткериўге таярмыз.
Төртинши. ШБШның Транспорт байланыслылығын раўажландырыў бойынша стратегиясын қабыл етиў мәмлекетлеримиздиң транзит потенциалын толық иске қосыў ҳәм «Шығыс-Батыс» ҳәм «Арқа-Қубла» коридорлар системасының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Буннан тысқары, ШБШ мәканында инфраструктуралық раўажланыў бойынша узақ мүддетли бағдарлама ислеп шығыў басламасын алға қоямыз. Онда энергетика, коммуникациялар, «жасыл» раўажланыў тараўларындағы трансшегаралық жойбарларды киргизиў мүмкин.
Бесинши. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери биз ушын айрықша үлкен әҳмийетке ийе.
Бул бағдарда министрлердиң ушырасыўлары ҳәм экспертлердиң мәсләҳәтлесиўлерин турақлы өткерип барыў механизмин жақын пурсатта енгизиўди оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Алтыншы. ШБШ мәканында тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириў әҳмийетли тийкарғы бағдар есапланады.
Бүгин қабыл етилип атырған Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў ҳаққындағы қарардың әмелге асырылыўы, атап айтқанда, ШБШ РАТС потенциалынан және де толық пайдаланыў буған хызмет етеди.
Бул ҳүжжетте келтирилген басламалар терроризм, наркотрафик ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққка қарсы гүресиў бойынша, сондай-ақ, киберқәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўимизди беккемлеў имканиятын береди.
Буннан тысқары, мәмлекетлеримиз ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрлериниң ушырасыўларын тиклеўди усыныс етемиз.
Жетинши. Шериклеримиз мәлимлеме қәўипсизлиги тараўында топлаған табыслы тәжирийбени есапқа алып, ШБШның бул темаға бағышланған экспертлар форумын шөлкемлестириў мақсетке муўапық.
Бул кибермәкандағы заманагөй қәўип-қәтерлерге сай рәўиште жуўап бериў бойынша өз-ара келисилген илажларды ислеп шығыўға хызмет етеди.
Сегизинши. Биз «халық дипломатиясы»нда биргеликте ерисилген нәтийжелерди унамлы баҳалаймыз, мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликтеги мәдений, илим-билимлендириў, спорт ҳәм басқа илажларды өткериўден мәпдармыз.
Усы мақсетте «ШБШ Жақсы нийет елшиси» институтының шөлкемлестирилиўи тәрепдарымыз.
Сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң Туризм тараўындағы бирге ислесиўи ҳаққында ҳүкиметлер аралық келисим таярлаўды усыныс етемиз.
Тоғызыншы. Пандемия денсаўлықты сақлаў тараўында және де тығыз бирге ислесиў зәрүрлигин көрсетти. Бул бағдарда инфекциялық кеселликлерди профилактика етиў ҳәм емлеў, ковидтен кейинги реабилитация, вакцинация ҳаққындағы сертификатларды өз-ара тән алыў мәселелеринде бирге ислесиў бойынша «Жол картасы»н қабыл етиўимиз лазым.
Оныншы. Өзбекстан басшы сыпатында шөлкемимиз шеңбериндеги бирге ислесиў жойбарларына бақлаўшылар ҳәм сөйлесиў бойынша шериклерди белсенди тартыўды режелестирген.
Бүгин қабыл етилип атырған Иран Ислам Республикасын ШБШ ағзалығына қабыл етиў тәртибин баслаў ҳәм Саудия Арабиясы Патшалығы, Египет Араб Республикасы ҳәм Катар Мәмлекетине сөйлесиў бойынша шерик статусын бериў ҳаққындағы қарарларды алғыслаймыз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
ШБШ бас хаткери лаўазымына мырза Чжан Минниң кандидатурасын қоллап-қуўатлаймыз ҳәм оған үлкен табыслар тилеймиз.
Регионаллық антитерроршылық структура Атқарыў комитети директоры лаўазымына Руслан Мирзаевтың кандидатурасы қоллап-қуўатланғаны ушын кәсиплеслериме миннетдаршылық билдиремен.
Сондай-ақ, ШБШ Секретариаты ҳәм РАТС Атқарыў комитетине улыўма мақсетлеримизди ҳәм шөлкемимиз ўазыйпаларын алға қойыўдағы қызғын жумыслары ушын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгин қабыл етилип атырған оғада әҳмийетли қарар ҳәм ҳүжжетлер мәмлекетлеримиздиң буннан былай да раўажланыўы ҳәм ШБШ абырайының артыўына хызмет етеди.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди келеси жылы 15-16-сентябрь күнлери Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилип атырған Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине мирәт етемен.
Итибарыңыз ушын рахмет.