Усы жыл 18-сентябрь күни опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектепте «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде «Бақсышылық көркем өнериниң дүнья мәденияты цивилизациясында тутқан орны» атамасында II Халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Онлайн тәризинде шөлкемлестирилген конференцияда көплеген мәмлекетлердиң илимпазлары қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Мәденият министри О.Назарбеков, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Қ.Турдиев, ЮНЕСКОның Түркия Миллий комитетиниң баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Ўжал Оғуз, Қырғызстан Республикасы Илимлер Академиясының бөлим баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Талантаали Бакчиевлар шығып сөйлеп, конференция жумысларына табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, жас әўладты миллий қәдириятларымызға муҳаббат руўхында тәрбиялаўда адамгершилик пазыйлетлерине, ўатанын сүйиўши, әдалатлы, мәрт, батыр болыўға шақырыўшы дәстанлардың ҳәм оларды атқарыўшы бақсылардың орны үлкен.

Президентимиздиң басламасы менен елимизде халқымыз тәрепинен жаратылған усы сийрек гезлесетуғын көркем өнерди қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша мәмлекетимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Елимизде «Алпамыс» дәстанының мың жыллығының кең түрде белгиленгенлиги, Термиз қаласында усы бийбаҳа қәдириятымызға, Самарқанд қаласында атақлы бақсыларымыз ҳүрметине естелик комплекслериниң қурылғанлығы, мәмлекетимизде «Өзбекстан Республикасы халық бақсысы» ҳүрметли атағының енгизилгенлиги усылар қатарына киреди.

Бүгинги күнде Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтында «Дәстан атқарыўшылығы» кафедрасы, Термиз қаласында бақсышылық мектеби, Нөкис қаласында опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде фольклор класслары жумыс ислемекте. Елимизде көп томлы «Қарақалпақ фольклоры» топламлары баспадан шығарылды. 100 томлық «Өзбек халық дөретиўшилиги естеликлери» комплекси баспадан шығарылмақта. Бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен атқарылған дөретпелерди жазып алыў, оларды илимий жақтан үйрениў жумыслары турақлы түрде даўам етпекте.

Конференцияда Россия, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң илим дәргайларынан келген атақлы фольклоршы илимпазлар бақсышылық көркем өнери тарийхы ҳәм дүнья мәдениятының раўажланыўында тутқан орны ҳаққындағы баянатлары менен қатнасты.

Атап айтқанда, профессорлар Метин Экижи, Жаббор Эшонқулов, Хусейин Байдемир, Сарыгүл Баҳадырова, Эрдоған Алтынқайнақ, Ҳалил Ибраҳим Шаҳин, Тамара Басангова, Талантаали Бакчиев сыяқлы халықаралық көлемдеги белгили фольклоршы илимпазлар исленип атырған жумыслар, тараўдың әҳмийетли машқалалары бойынша мағлыўматлар берип, пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, илажда мәмлекетимиздиң түрли жоқары оқыў орынларында, илимий-изертлеў институтларында жумыс ислеп атырған фольклор таныўшы илимпазлар, бақсышылық ҳәм халық аўыз-еки дөретиўшилиги мәселелерине қызығыўшы изертлеўшилер де тараўға байланыслы илимий-теориялық мақалалары менен қатнасты.

– Биз бир неше тараў хызметкерлери менен фестивальға келдик. Фестивальдың ашылыў мәресиминде қатнасып, илаждың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгениниң гүўасы болдық. Өткерилип атырған конференцияның әййемги көркем өнер түри болған бақсышылық ҳәм жыраўшылықты кең түрде үгит-нәсиятлаўда әҳмийети үлкен, әлбетте. Илимпазлар тәрепинен алып барылып атырған тараўға байланыслы изленислер туўралы кеңирек мағлыўмат алыў мүмкиншилигин береди.

Өзбекстанда, сондай-ақ, Қарақалпақстанда әййемги көркем өнер түри болған бақсышылық ҳәм жыраўшылықтың бир неше әсирлерден берли әўладтан-әўладқа өтип жақсы сақланғаны ҳәммемизди қуўандырмақта,-дейди түркиялы қәниге Режеп Эрдоған.

Конференцияда бақсышылық көркем өнериниң келешеги менен байланыслы резолюция қабул қилинди.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери