Нөкис қаласындағы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық билимлендириў орайы тәрепинен жас өспиримлер арасында халықаралық тәбийий пәнлер олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Оған республикамыз мектеплеринен химия, биология ҳәм физика пәнлеринен терең билимге ийе 8-9-кластың 51 оқыўшысы  қатнасты.

Олимпиада қатнасыўшылары ҳәр бир пәннен 45 тест сораўларын шешип, билимлерин сынақтан өткерди.

-Олимпиада  Президентимиздиң 2019-жыл 3-майдағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип, 12-21-декабрь күнлери жас өспиримлер арасында халықаралық олимпиада ҳәм 15-20-ноябрь күнлери Ферғана ўәлаятында Ахмед ал-Фарғоний атындағы халықаралық физика олимпиадасыда Өзбекстан сайланды командасының қатнасыўы режелестирилген, –  дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық билимлендириў орайының пән олимпиадалары бойынша қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў секторы баслығы Захида Үсенова.

Олимпиада жуўмағында Төрткүл районындағы 68-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Е.Машарипов биринши, Әмиўдәрья районындағы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы С.Нажиматдинова екинши, Нөкис районындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Қ.Қранбаева үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз оқыўшылар Ферғана ўәлаятында болып өтетуғын олимпиаданың сайлап алыў басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги