Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

 Қәдирли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәршеңизди жаңаланып атырған Өзбекстанымыздың күннен-күнге шырай ашып баратырған, кеңпейил Қарақалпақстан жеринде, гөззал Нөкис қаласында өткерилип атырған II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының салтанатлы ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман.

Бүгинги көркем өнер байрамында қатнасып атырған ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, ТҮРКСОЙ, ҒМДАның Атқарыў комитети, Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы сыяқлы абырайлы шөлкемлерден келген мәртебели мийманларға, дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген 260 тан зыят халық дөретиўшилиги ўәкиллери, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстанға хош келдиңиз!

Әзиз дослар!

Халық аўызеки дөретиўшилигиниң ең әййемги түрлеринен болған бақсышылық көркем өнери жоқары гуманизм идеяларын, тынышлық ҳәм дослық, әдиллик ҳәм ҳақыйқат сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди шеберлик пенен жырлайды. Сонлықтан да, бақсы, ақын ҳәм жыраўлар әзелден халық қәлбиниң жыршылары, түрли миллет ҳәм қәўимлерди бирлестиретуғын ҳақ нийетли инсанлар сыпатында ардақланып келинеди.

Бул сийрек ушырасатуғын көркем өнердиң улыўмаинсаныйлық әҳмийети Термиз қаласында 2019-жылы болып өткен I Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында және бир мәрте өз тастыйығын тапты, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Мен халық дөретиўшилигин инсанияттың балалық қосығы, ҳәр бир миллий мәденияттың сарқыдмас булағы деп билемен. Бул қосықларды таза ҳәм мәңги сақлаў, ҳәмийше мақтанышлы жаңлаўын тәмийинлеў бәршемиздиң тек ўазыйпамыз ғана емес, ал, муқаддес миннетимиз де болып табылады.

Бүгин өз жумысын баслап атырған фестивалымыз әйне усындай ийгиликли мақсетлеримиздиң әмелий көриниси екенин атап өтпекшимен.

Кейинги жылларда биз бақсышылық көркем өнериниң илимий-теориялық ҳәм әмелий тийкарларын терең үйрениў ҳәм үйретиўге айрықша итибар қаратпақтамыз. Бул бағдарда пидайы фольклортаныўшы алымларымыз баслаған әҳмийетли жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.

Мәмлекетимизде 2019-жылы дүзилген Республикалық бақсышылық көркем өнери орайы ҳәм Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қоры нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятларында мәмлекетлик ансамбльлер, басқа аймақларда болса ўәлаятлық ансамбльлер дүзилди.

Елимиздеги балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде, Нөкис қаласындағы опера ҳәм бақсышылық көркем өнери мектебинде миллий фольклор көркем өнери кеңнен үйретилмекте. Сондай-ақ, жақында шөлкемлестирилген Юнус Ражабий атындағы өзбек миллий музыка институты қурамында бақсышылық бөлими ашылғанын да атап өтиў лазым. Бул бағдарда сабақ берип атырған оқытыўшылар ушын Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында қәнигелигин арттырыў курслары жолға қойылды.

«Өзбек халық дәстанлары», «Өзбек халық қосықлары» атамасындағы сабақлықлар, көп томлық «Қарақалпақ фольклоры» топламы баспадан шығарылды. Соның менен бирге, 100 томлық «Өзбек халық дөретиўшилиги естеликлери» жыйнағы шығарылмақта.

Халық аўызеки дөретиўшилигин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, телевидение ҳәм интернет имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, фольклор шығармаларының аудио ҳәм видео вариантларын көбейтиўге айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Бул бағдарда алып барылып атырған ийгиликли ислерди даўам еттирген ҳалда, миллий бақсышылық көркем өнерин ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизиў илажлары көрилмекте.

Қәдирли фестиваль қатнасыўшылары!

Биз бүгинги абырайлы көркем өнер әнжуманын ески ҳәм нәўқыран қарақалпақ үлкесинде өткерип атырғанымыз тосыннан емес, әлбетте.

Қарақалпақстан дегенде, ең алды менен, мәртлерге ўатан болған, мийнеткеш ҳәм ҳақ нийетли халық жасайтуғын бийтәкирар үлке көз алдымызда сәўлеленеди. Бул жердеги Топыраққала, Аязқала, Үлкен Гүлдирсинқала, Елликқала сыяқлы сийрек ушырасатуғын естеликлер әййемги цивилизация ҳәм мәденияттың тарийхый тамырларынан дәрек береди. Оларды бир мәрте көрген, шексиз кеңликлерде бақсы ҳәм жыраўлардан дәстан ҳәм термелер тыңлаған инсан бул үлкеге мәңги ашық болып қалады.

Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен Қарақалпақстан бүгинги күнде Өзбекстанның абат аймақларынан бирине, заманагөй илим, мәденият ҳәм туризм мәканына, мине енди, халықаралық бақсышылық көркем өнери орайына айланып баратырғаны бәршемизди қуўандырады.

Көркем өнер ҳәм саз-сәўбетти шын жүректен сүйетуғын, дөретиўши халқын жоқары қәдирлейтуғын қарақалпақ халқы бул әнжуманды үлкен шады-қуррамлық пенен күтип алмақта.

Бүгинги көркем өнер ҳәм гөззаллық байрамын жоқары дәрежеде өткериў ушын тынымсыз мийнет еткен бәрше-бәрше инсанларға, миймандос қарақалпақ халқына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз мийманлар!

Сизлердиң қатнасыўыңызда ашылып атырған бул фестиваль дүньядағы абырайлы көркем өнер әнжуманлары қатарынан беккем орын ийелейди, деп исенемен.

Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын халықаралық илимий-әмелий конференция жумысына да табыслар тилеймен.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине де шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, жаңа табыслар яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан  Республикасы Президенти