Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы техникумларды өз бағдарлары бойынша түрлес жоқары билимлендириў және тармақ шөлкемлерине бириктириў, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесин және де жетилистириў мақсетинде:

  1. 2021-2022-оқыў жылынан баслап:

а) жоқары билимлендириў мәкемелери жанында 24 техникум 1-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.

Билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилип атырған техникумларда ҳәзирги күнде оқып атырған оқыўшылар тийисли кәсиплер ҳәм қәнигеликлер бойынша оқыў процесин әмелдеги бағдарламаларға муўапық усы техникумларда жуўмақлайтуғыны белгиленсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги  (А.Тошқулов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм системасында техникумлар болған министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте 2021-жыл 1-октябрьге шекем аймақларға шыққан ҳалда, шөлкемлестирилип атырған техникумлардың жайласыўы, оқыў имаратларының қуўатлықлары, оқыў аудиторияларының жағдайы, әдебиятлар, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм мәлимлеме коммуникация технологиялары менен тәмийинлениў дәрежесин үйренсин және белгиленген нормаларда оларды толық қәлиплестириў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссия (А.Арипов) еки ҳәпте мүддетте шөлкемлестирилип атырған техникумларға оқыўға қабыллаў бойынша қабыллаў параметрлерин тастыйықласын;

б) түрлес жоқары билимлендириў мәкемелери және тийкарғы бағдарлары бойынша тармақ шөлкемлерине 213 техникум 2-қосымшаға муўапық бириктирилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар және Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасында техникумлар болған министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте:

техникум питкериўшилериниң өндирислик әмелиятын шөлкемлестириў бойынша тармақ шөлкемлеринде зәрүр шараятлар жаратылыўы үстинен қадағалаў орнатсын ҳәм әмелият өтеў графиклерин ислеп шығып, тастыйықланыўын тәмийинлесин;

ҳәр жылы 1-майға шекем техникум питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бағдарламаларды ислеп шығыўды шөлкемлестирсин және олардың орынланыўы бойынша қадағалаў системасын жаратсын;

ҳәр жылы июль-август айларында техникум питкериўшилери ушын ҳәр бир район ҳәм қалада жумыс бериўшилерди тартқан ҳалда ярмаркалар, соның ишинде «Карьера күни» илажларын өткерсин, оқыў жылы даўамында өндирислик шөлкемлерде «Ашық есиклер күни»н шөлкемлестирсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және системасында техникумлар болған министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелериниң усыныслары тийкарында усы қарардың 2-қосымшасында келтирилген жоқары билимлендириў мәкемелери және тармақ шөлкемлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында техникумлар болған министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге шекем техникум оқыўшылары әмелият өткеретуғын шөлкемлер, олардағы жумыс орынлары ҳәм жаратылған шараятлар бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестириўди жолға қойсын;

в) техникумлар бир жоқары билимлендириў мәкемеси системасынан басқа жоқары билмилендириў мәкемесиниң системасына 3-қосымшаға муўапық өткерилсин;

г) Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети жанындағы Жиззақ хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумының жумысы сапластырылсын ҳәм оның барлық мүлки, имарат ҳәм объектлери тийисли аймағы менен биргеликте Ташкент мәлимлеме технологиялары университети жанындағы Жиззақ мәлимлеме технологиялары техникумына өткерилсин. Онда:

Жиззақ ўәлаяты, Фориш районы, Файзабат көшеси, 25-жай мәнзилинде жайласқан Ташкент мәлимлеме технологиялары техникумына тийисли объект ҳәм имаратлар, аймағы менен биргеликте Жиззақ мәмлекетлик педагогика институтына  көп тармақлы оқыў орайы ҳәм әмелият полигонын шөлкемлсетириў ушын бериледи;

Жиззақ хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумында оқып атырған оқыўшылар әмелдеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында Жиззақ мәлимлеме технологиялары техникумында оқыўды белгиленген тәртипте тамамлайды.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2021-2022-оқыў жылынан баслап техникумлар ҳәм академиялық лицейлерде қәнигелик талаплары, оқыў реже ҳәм бағдарламалар, оқыў-нормативлик ҳүжжетлер таяныш жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен тәжирийбели профессор-оқытыўшылар ҳәм тийисли қәнигелерди тартқан ҳалда ислеп шығылады және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады;

жоқары билимлендириў мәкемелери өзлерине бириктирилген техникумларды оқыў-методикалық ҳүжжетлер (оқытыў материаллары топламлары, дидактикалық материаллар, практикумлар, технологиялық карталар, электрон ресурслар, сырт ел оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар, дәўирлик басылымлар, сөзликлер, энциклопедиялар, хабарнамалар ҳәм тағы басқалар) менен тәмийинленеди;

жоқары билимлендириў мәкемелери өзлерине бириктирилген техникумларда билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўге қаратылған комплексли илажларды әмелге асырады және оған техникум директоры ҳәм жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры (директоры) жеке жуўапкер болып есапланады;

жоқары билимлендириў мәкемелери өзине бириктирилген техникумлардың педагог кадрлары ушын өзиниң бюджетинен тысқары қаржылары есабынан сырт ел профессорлары ҳәм қәнигелерин тартқан ҳалда қысқа мүддетли оқыў-семинарларды шөлкемлестиреди;

техникум директоры бир ўақыттың өзинде тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў арқалы техникумларда биргеликтеги бағдарламалар тийкарында орта буўын қәнигелерди таярлаўды шөлкемлестиреди;

техникумларда халықаралық стандартлар (соның ишинде, Worldskills) тийкарында оқыў-устаханаларын шөлкемлестириў ҳәм оқыўшыларды усы стандартларға муўапық таярлаў және келешекте жумысшы кәсиплер жарысларында олардың қатнасыўын тәмийинлеў тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң тиккелей жәрдеми тийкарында әмелге асырылады.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) системасында техникумлар болған министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте усы бәнтте көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен системалы мониторинг орнатсын және анықланған кемшилкилерди сапластырыў бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери және министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелерине усыныс хатларын киргизип барсын.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) еки ай мүддетте төмендеги мәселелерди пуқта үйренип, Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин:

2022-2023-оқыў жылынан баслап техникумларға қабыллаў параметрлерин қәлиплестириўде мийнет базарында орта буўын кадрларына болған реал талаптан келип шыққан ҳалда қурылыс, транспорт, аўыл хожалығы, жеңил санаат, хызмет көрсетиў ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўларда орта буўын кадрларды таярлаўдың мәмлекетлик буйыртпасын тийкарланған есап-санақларға бола басқышпа-басқыш көбейтиў;

техникумлар ҳәм колледжлерди оқыў әдебиятлары, топар журналлары ҳәм басқа да мәмлекетлик үлгидеги ҳүжжетлер менен тәмийинлеўди Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылған бюджет қаржылары есабынан әмелге асырыў;

2022-2023-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирмеген улыўма билимлендириў мектеплериниң 11-класс питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларды техникумлар ҳәм колледжлерде биринши кәсип ямаса қәнигеликлер бойынша бийпул оқытыў;

2022-жыл 1-январьдан баслап техникумлар ҳәм колледжлердиң финанслық жағдайын жақсылаў мақсетинде административлик басқарыў хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер және коммуналлық хызметлерге байланыслы болған қәрежетлерди, соның ишинде, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў.

  1. Жанында техникумлар ҳәм академиялық лицейлер болған жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәр жылы 1-декабрьге шекем билимлендириўдиң кейинги басқышын даўам еттирмей атырған техникум ҳәм академиялық лицей питкериўшилериниң дизимин олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бәнтлик бас басқармаларына берсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәр жылы 1-февральға шекем республикамызда ең көп талап етилетуғын орта буўын кадрлары ислеўи мүмкин болған кәсиплер ҳәм лаўазымлар дизимин қәлиплестирсин және бул кәсиплер ҳәм лаўазымлар ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялап барсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билмилендириў министри А.Ҳ.Тошқулов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 31-август