Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде бурыннан қәлиплесип киятырған гулалшылық дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, тиклеў ҳәм раўажландырыў, халықаралық дәрежеде кеңнен үгит-нәсиятлаў, гүлалшылық өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм экспортын арттырыў, уста гүлал өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, устаз-шәкирт мектеплериниң жумысын жетилистириў мақсетинде:
- 2022-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте сентябрь айында Халықаралық гүлалшылық форумы ҳәм гүлалшылық өнимлериниң көргизбе-саўдасы (кейинги орынларда – Форум) илимий-әмелий конференция, таңлаў, презентациялар, көргизбе-саўдалар, театрласқан концерт-тамаша бағдарламалары, руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилип барылсын.
Форум ҳәр еки жылда бир мәрте сентябрь айында Қоқанд қаласында өткерилетуғын Халықаралық өнерментшилик фестивалы менен үйлесикли ҳалда;
дәслепки Форум ҳәм оның шеңберинде «Дәстүрий гүлалшылықты қәстерлеп сақлаў ҳәм оны раўажландырыў: машқала ҳәм шешимлер» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция 2022-жыл сентябрь айында Ферғана ўәлаятының Риштон районында Қоқанд қаласында өткерилетуғын 88 Халықаралық өнерментшилик фестивалы күнлери шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.
- Халықаралық өнерментшилик фетивалын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша Шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин, сондай-ақ, усы Шөлкемлестириў комитети Форумды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша да Шөлкемлестириў комитети есаплансын.
- Шөлкемлестириў комитетине (А.А.Абдуҳакимов):
Форумды жоқары көркем дәрежеде өткериў, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, бул бағдарда жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
Форумда сыйлы орын ийелегенлерге тапсырылатуғын диплом ҳәм сертификатлардың үлгилерин таярлаў және тастыйықлаў;
Форумды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиў ўазыйпалары жүкленсин.
- а) Форум Шөлкемлестириў комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы менен келисилген ҳалда келешекте басқышпа-басқыш республиканың басқа да аймақларында өткерилиўи мүмкинлиги;
б) Форум тиккелей (офлайн) ямаса аралас түрде (офлайн-онлайн) өткерилиўи мүмкинлиги;
в) 2022-жылдан кейин Форумды шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» «Өнермент» ассоциациясы тәрепинен ислеп шығылатуғыны ҳәм оны өткериўден кеминде 6 ай бурын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны;
г) Форумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер Шөлкемлестириў комитети тәрепинен ислеп шығылатуғыны ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған смета тийкарында төмендеги тәртипте:
Форумға таярлық көриўге байланыслы барлық қәрежетлер Форум өткерилетуғын орын сыпатында белгиленген аймақлық жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;
Форумды өткериўге байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти – Министрлер Кабинетиниң резерв қорының қаржылары есабынан, 50 проценти – Форум өткериў белгиленген аймақтың жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклери есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Форум ҳәм Өзбекстан Респбуликасы Президентиниң қарарлары менен шөлкемлестирилген басқа да халықаралық мәдений илажлар шеңберинде:
а) 2022-жыл 1-мартқа шекем Форумның рәсмий веб-сайты иске қосылады, соның ишинде, онда өнерментшилик өнимлери ҳәм басқа да естелик саўғаларының реализациясы шөлкемлестириледи ҳәм веб-сайт электрон саўда платформалары менен интеграцияланады.
Форумның рәсмий веб-сайты арқалы өнерментшилик өнимлери ҳәм басқа да естелик саўғалары реализацияланғанда 2024-жыл 1-октябрьге шекем мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда тиккелей шәртнамалар дүзиўге рухсат бериледи. Онда, мәмлекетлик буйыртпашылар тиккелей шәртнамалар дүзилгени ҳаққындағы мәлимлемени шәртнама дүзилген ўақыттан баслап үш жумыс күни ишинде арнаўлы мәлимлеме порталына жайластырыўы шәрт;
б) музей дүканлары, естелик саўғалары саўда тармақларының ўәкиллери, халықаралық қарыйдарлар, белгили коллекционерлер илажларға мирәт етиледи, олардың Өзбекстанға келип-кетиўи ҳәм болыўына байланыслы қәрежетлерди қаплаў усы халықаралық мәдений илажлардың сметасында нәзерде тутылады. Онда, олардың дизими тийисли халықаралық илажлардың шөлкемлестириў комитети тәрепинен тастыйықланады;
в) нызамшылықта сырт елге алып шығыў ушын көркемлик экспертизасынан өткерилиў талап етилетуғын өнерментшилик өнимлери ҳәм басқа да естелик саўғалары олар сатып алынған күнде илажлар өткерилип атырған орынның өзинде төлем өндирилместен көркемлик экспертизасынан өткериледи.
Шөлкемлестириў комитети (А.А.Абдуҳакимов) усы бәнтте белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўын шөлкемлестирсин, Форумның рәсмий веб-сайтын жаратыўға байланыслы қәрежетлерди Форумның қәрежетлер сметасында нәзерде тутсын.
- Ферғана ўәлаятының ҳәкимлиги (Х.Х.Бозаров) Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев), Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.А.Азамов) менен биргеликте үш ай мүддетте Форумды өткериў тәртиби ҳаққындағы режени ҳәм Форумды 2022-жылы шөлкемлестириў бойынша «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов):
сырт мәмлекетлерден гүлалшылық жумысы менен шуғылланатуғын шөлкемлер, шебер гүлалшылар, әмелий көркем өнер шеберлери, тараў илимпазлары ҳәм қәнигелери, ҳүрметли мийманларды форумға мирәт етиўде шөлкемлестириўшилерге әмелий жәрдем көрсетсин;
Cаўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясының виза талапларына бола Форумның сырт ел қатнасыўшылары ушын кириў визаларының белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев) ҳәм Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов) менен биргеликте Форумның салтанатлы ашылыў мәресимин ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм көркемлик жақтан бийтәкирар усылда өткериў ушын жоқары профессионал шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, өнерментлер, сахналастырыўшы художниклер, талантлы көркем өнер ғайраткерлериниң белгиленген тәртипте кеңнен тартылыўын тәмийинлесин.
- Форум өткерилетуғын орын сыпатында белгиленген аймақ есапқа алынған ҳалда тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери, соның ишинде, 2022-жылы өткерилетуғын Форум бойынша Ферғана ўәлаятының ҳәкимлиги (Х.Х.Бозаров):
а) тийисли аймақларда кең көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының әмелге асырылыўын, Форум өткерилетуғын сахна майданлары ҳәм орынларының талап дәрежесинде таярланыўын;
б) Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Кинематография агентлиги ҳәм Көркем өнер академиясы менен биргеликте:
Форум шеңберинде илажлар өткерилетуғын аймақта гүлалшылық көркем өнерине ҳәр қыйлы көргизбелер, гүлалшылық буйымлары, ески гүлалшылық үскенелери ҳәм өнимлерин жаратыў процесслери, гүлалшылыққа байланыслы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлердиң көрсетилиўи ҳәм олардың сатылыўы шөлкемлестирилиўин;
Форум шеңберинде театрластырылған тамашалар, юмористлер ҳәм қызықшылар, фольклор ҳәм дәрўаз топарларының тамаша бағдарламаларының көрсетилиўин;
Форум бағдарламасы ислеп шығылыўын ҳәм Форум басланыўынан үш ай бурын туристлик шөлкемлерге усынылыўын, Интернет тармағы ҳәм социаллық тармақларда жайластырылыўын;
Форумның туризм календарь режесине киргизилиўин ҳәм оған сырт елли мийманлар ҳәм туристлердиң тартылыўын;
в) Туризм ҳәм спорт министрлиги, Саўда-санаат палатасы менен биргеликте Форум қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орын ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги (Х.Х.Бозаров) Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасының миллий комиссиясы, «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем миллий өнерментшиликтиң гулалшылық бағдарларын ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизиўге усыныў бойынша;
Ферғана, Бухара, Самарқанд, Қашқадәрья, Наўайы ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери «Өнермент» ассоциациясы, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2025-жылдың ақырына шекем тийислисинше өнерментшиликтиң аймақта раўажланған бағдарын есапқа алып, Риштон, Марғилан, Бухара, Самарқанд, Ташкент, Шахрисабз ҳәм Нурата қалаларын Дүнья жүзи өнерментлериниң қаласы статусын алыўға усыныў бойынша илажларды әмелге асырсын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте сырт елли эксперт ҳәм маман қәнигелерди тартқан ҳалда жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Транспорт министрлиги (И.Р.Махкамов) Форум қатнасыўшыларын Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясының буйыртпаларына муўапық, белгиленген тәртипте авиа ҳәм темир жол билетлери менен тәмийинлесин.
- Ташкент қаласының ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов) ҳәм «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев) менен биргеликте Форумға келетуғын сырт елли мийманлар менен қатнасыўшыларды күтип алыў, жайластырыў ҳәм оларды Форум өткерилетуғын аймаққа жибериўди шөлкемлестирсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) Форум өткерилетуғын орынларда ҳәм усы илажлар даўамында қыстаўлы медициналық жәрдем пунктлерин шөлкемлестирсин ҳәм санитариялық нормалар, қағыйдалар және гигиеналық нормативлерге қатаң әмел етилиўин қадағаласын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), «Дүнья» мәлимлеме агентлиги (С.Л.Суяров) ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары Форумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыўды шөлкемлестирсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Саўда-санаат палатасының баслығы А.И.Икрамов ҳәм «Өнермент» ассоциациясының баслығы У.Т.Абдуллаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 23-август