Бүгин, 14-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2021-2022-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге қәнигелик пәнлерден имтиханлар басланды.

Институтта улыўма 22 магистратура қәнигелигине мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерине муўапық жәми 110 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 55 ҳәм төлемли контракт тийкарында 55 орын ажыратылған.

Имтиханлар санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда өткерилип, усы жылдың 17-август күнине шекем тастыйықланған кесте бойынша күнине 2 сменада – биринши смена 09:00 – 11:30 аралығында, екинши смена 15:00 – 17:30 аралығында институттың бас имаратында (Түркий тиллер факультети) даўам етеди.

– Институттың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр тәлим бағдарын табыслы питкерип, Мойнақ районындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде муғаллим болып ислеп атырман, – дейди Азамат Нуратдинов. – Ана тилимиздиң раўажланыў тенденцияларын илимий тийкарда үйрениў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде магистратура қәнигелигине ҳүжжет тапсырдым.

Магистратура қәнигеликлерине өткерилип атырған имтиханлардың әдил ҳәм ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў мақсетинде қәлеўшилер ушын имтихан барысын онлайн тәризде бақлап барыў имканияты жаратылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қәнигелик пәнлерден өткерилип атырған имтиханлардың нәтийжелери институттың рәсмий веб-сайты ҳәм оның социаллық тармақлардағы рәсмий каналларында жәрияланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.