Президент сайлаўы
Ташкент қаласында Өзбекстан Экологиялық партиясы орайлық кеңесиниң гезексиз пленумы болып өтти.
Пленумда партияның гезексиз III съездын шақырыў, съездтиң күн тәртиби және оған делегатларды сайлаў нормасы, аймақлық партия шөлкемлериниң конференцияларын өткериў ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.
Пленумда Жаңа Өзбекстан тарийхында биринши мәрте жаңа сиясий күш – Өзбекстан Экологиялық партиясының Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўына байланыслы мәселе додаланды.
Мәмлекетте барған сайын әҳмийетли болып атырған экологиялық машқалаларды шешиў, жәмийетте халықтың итибарын экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимине қаратыў, инсан саламатлығын сақлаў ҳәм саламат турмыс тәризин тәмийинлеў бағдарында жәмийет алдында турған оғада әҳмийетли мәселелерди шешиўди өз мойнына алған ҳалда партияның усы сайлаўда қатнасыўы туралы пленум қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, бул әҳмийетли мәселелерди өзинде сәўлелендирген бағдарлама менен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўы ушын партия өзиниң болажақ талабанын съездтиң додалаўына киргизиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Экопартиядан президентлик сайлаўында қатнасыў ушын партияның баслығы Нарзулла Обломуродовтың кандидатурасы алға қойылды. Партияның съездин усы жылдың август айы ақырында Ташкент қаласында шақырыў бойынша қарар қабыл етилди.
Пленумда шығып сөйлеген орайлық кеңестиң ағзалары, партия белсендилери бул мәселеде усыныс етилип атырған талабан және оның алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда биргеликте ҳәрекет етиў зәрүр екенлиги бойынша усыныслар билдирди.
Өзбекстанда сиясий партиялар ҳәм пуқаралар сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараят жаратылғаны, Жаңа Өзбекстандағы президент сайлаўы Сайлаў кодекси тийкарында көп партиялылық, партиялараралық еркин бәсеки, ашық-айдынлық принциплери тийкарында өткерилиўи айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, пленумда Өзбекстан Экологиялық партиясының жаңа үлгидеги символы тастыйықланды, партия орайлық кеңесиниң қурамына өзгерислер киргизилди.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша аймақлық партия шөлкемлериниң алдына тийисли ўазыйпалар қойылды. Додаланған барлық мәселелер бойынша Өзбекстан Экологиялық партиясы орайлық кеңеси пленумы тийисли қарарларды қабыл етти.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы