Кореяның Өзбекстандағы елшиханасында Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) арасында Арал теңизиниң кризисине қарсы гүресиўге қаратылған 5,6 миллион долларлық биргеликтеги жойбарға қол қойылды.

Жойбардың тийкарғы мақсети-Арал теңизи экологиялық кризисиниң ақыбетлерин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасының жасыл тиклениўине жәрдем бериў ҳәм тәбийғый апатшылықлардан ең көп зыян көрген аймақлардың турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған илажларды белгилеўден ибарат.

Келисим KOICAнын Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Парк Сунжин ҳәм GGGIниң Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Аарон Рассел арасында болып өтти.

Онда Арал теңизи аймағында әмелге асырылыўы режелестирилген усы жойбар шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў мәселелери ҳәм бул жойбардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша келешектеги ўазыйпалар және илажлар додаланды.

Қол қойыў мәресиминде Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасының мәсләҳәтшиси Юн Дживан, (KOICA)ның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы директорының орынбасары Сонг Мингёнг және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Жүсипбек Казбеков қатнасты.

2021-2024-жылларға мөлшерленген бул жойбар Қарақалпақстан Республикасының 4 районы – Кегейли, Бозатаў, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2021-жыл 30-май күни болып өткен P4G Сеул саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның Глобал жасыл өсиў изертлеў институтына ағзалығы ҳәм БМШтың арнаўлы резолюциясы арқалы Арал теңизин экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәрияланған еди. Бул болса Арал теңизи регионаллық жойбарының әҳмийети және де артыўына үлкен түртки болды.

Бул жойбар еки мәмлекет арасындағы Өзбекстанда әмелге асырылған биринши халықаралық бирге ислесиў есапланатуғынын атап өтиў керек.

Жойбар шеңберинде жергиликли кәрханалар ҳәм фермерлердиң климатты тиклеў жумысында финанслық имканиятларын жақсылаў арқалы жасыл тиклениў инвестициялық режесин жаратыў, Арал теңизиниң кризисине жуўап бериў ушын киши фермерлердиң потенциалын күшейтиў, климат шараятына сай аўыл хожалығы бизнес моделин раўажландырыў ҳәм Арал теңизи регионындағы киши фермерлер ҳәм жергиликли көрханалардың тәбийғый апатшылықларға шыдамлылығын арттырыў нәзерде тутылған.

Ушырасыў соңында тәреплер Арал теңизи экологиялық кризисиниң ақыбетлерин сапластырыўға байланыслы пикир-усынысларын билдирди.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы