Усы жылдың 16-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары билимлендириўдеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Усы видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы билимлендириўдиң сапасын жақсылаў ҳәм оның барлық процесслерин базар талапларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси Жоқары билимлендириў министрлиги, ректорлардың итибарынан шетте қалып кетип атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, бүгинги күнде 815 бағдардың 55 проценти мийнет базары талапларына жуўап бермейди. Жоқары оқыў орынлары 2 мыңға шамалас пәнлер бойынша сабақлықлар менен тәмийинленбеген, оқыў бағдарламалары буннан 40 жыл алдынғы пән ҳәм бағдарлар тийкарында дүзилген – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Бирақ, ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде жасларды билимли ҳәм маман қәниге етип тәрбиялаў, дүньяның раўажланыўына сәйкес қәнигелер таярлаў мақсетинде билимлендириў системасы избе-из раўажланбақта. Жоқары билимлендириў тараўындағы дәслепки реформалар, бәринен бурын, қамтып алыўды арттырыў, институт ҳәм университетлердиң финанслық жағдайын жақсылаў, профессор-оқытыўшыларды материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Мәжилисте жоқары билимлендириў мәкемелеринде жоқары маман қәнигелерди таярлаў, сырт ел тәжирийбеси тийкарында заманагөй әдебиятлар, оқыў-методикалық комплекслерди жаратыў, оқыў ҳәм әмелият процесин жетилистириў, педагог-оқытыўшыларды қайта таярлаў және маманлығын арттырыў, илимий изертлеўлерди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны, сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесине сүйенген ҳалда оқытыў системасының реформаланып атырғаны да атап өтилди. Соның ишинде, соңғы 3 жылда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм қабыллаў орынлары бираз артты және жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленди. Сырт мәмлекетлер менен қоспа билимлендириў бағдарламалары шеңберинде қәнигелер таярлаў жолға қойылды. Профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа 3,5 есеге арттырылды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы 4 тийкарғы ўазыйпаны көрсетип өтти. Бул ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине академиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик-басқарыў бойынша еркин қарар қабыллаў ўәкиллигиниң берилетуғыны атап өтилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, енди ҳәр бир кафедраның жумысы оның илимий потенциалы ҳәм жасларды селекция тийкарында илимий жумысқа тартыў көрсеткишлерине қарап баҳаланады. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына кафедралар жанында илимий-изертлеў орайларын шөлкемлестирип, оларды оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм зәрүр техника менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Ҳәр бир кафедраның тармақ кәрханалары менен бирге ислесиўин жолға қойыў, оқытыўшылардың кәрханаларда әмелий изертлеўлер өткериўине шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың турмыс шараятын және де жақсылаў, жаслардың сапалы билим алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў, елимизде жоқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, нәтийжеде мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған жоқары итибар жәмленгенин ўатанласларымыз терең сезди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы жаслардың мүнәсип тәлим-тәрбия алыўына, олардың илимге болған қызығыўшылығы менен умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге айрықша итибар қаратпақта. Бул ретки баянатта да перзентлеримиздиң жоқары мағлыўмат алып, жоқары маман қәниге болып жетилисиўи ушын имканиятлар көлемин және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жыллар даўамында өзин ақламай келген бюрократиялық механизмлер, айырым ески тәртиплер ҳәм қағазпазлықтан ўаз кешип, жоқары билимлендириў мәкемелерине реал имканиятлардан келип шыққан ҳалда, қабыллаў квоталарын еркин белгилеў ўәкиллигиниң берилиўи жоқары билимлендириў хызметкерлери, оқытыўшы-профессорлар ҳәм жаслар тәрепинен қанаатланыўшылық пенен қабыл етилди.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги