Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетинде «Өзбекстан Республикасы Ҳәрекетлер стратегиясы: макроэкономикалық турақлылық, инвестициялық белсендилик ҳәм инновациялық раўажланыў перспективалары» атамасында IV дәстүрий халықаралық илимий-әмелий конференция өз жумысын баслады.

«Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Инновациялық раўажланыў министрликлери, Мәмлекетлик салық комитети, Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети ҳәм Жәҳән банки, Конрад Аденауэр (Германия) қоры сыяқлы бир қатар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасының ўәкиллери, АҚШ, Германия, Россия, Корея Республикасы, Индонезия, Малайзия, Чехия, Польша, Болгария, Жаңа Зеландия ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы университетлериниң басшылары, илимпазлар, қәниге ҳәм экспертлер қатнаспақта.

Конференцияда Өзбекстанда жүз берип атырған тийкарғы экономикалық ҳәм сиясий реформаларды өзинде жәмлеген бағдарлама – Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде жаңа Өзбекстанда өткен төрт жыл даўамында әмелге асырылған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерип киятырған усы халықаралық конференция миллий ҳәм халықаралық экспертлердиң өз-ара тәжирийбе алмасыў майданына айланғаны атап өтилди. Сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында әмелге асырылып атырған Мәмлекетлик бағдарламаларды таллаў процесинде топланған тәжирийбе гезектеги стратегиялық концепцияларды турмысқа енгизиўде әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Халықаралық конференцияны шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет – илажлар шеңберинде қәлиплестирилген секциялар бойынша илимий-теориялық ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығыўдан ибарат. Атап айтқанда, Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың есабаты, келешектеги стратегиялық бағдарлар бойынша экономист илимпазлар, изертлеўшилер, жетик әмелиятшы хызметкерлер ҳәм халықаралық экспертлердиң қатнасықларын улыўмаластырыў болып есапланады.

– Бул халықаралық конференция Ҳәрекетлер стратегиясының үшинши тийкарғы бағдары – Экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыўдың тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, макроэкономикалық турақлылық, инвестициялық белсендилик ҳәм инновациялық раўажланыў перспективалары темасына бағышланғаны менен де айрықша әҳмийетке ийе, – деди «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков. – Себеби, жедел раўажланып атырған дүнья жүзине, соның ишинде, Өзбекстанға да принципиаллық жақтан жаңа экономикалық сиясат, барлық бағдарларда үлкен өзгерислер ушын жаңа имканиятлар табыўға қаратылған жедел экономикалық реформалар зәрүр.

«Раўажланыў стратегиясы» орайы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, конференцияда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы: макроэкономикалық турақлылық ҳәм избе-из экономикалық өсиўди және де беккемлеўге қаратылған реформалар, ерисилген жетискенликлердиң есабаты ҳәм перспективадағы раўажланыў қәдемлери, структуралық өзгерислерди тереңлестириў, реал сектор тармақларының өндирислик потенциалын арттырыў тийкарында аймақларды турақлы раўажландырыў, аўыл хожалығын раўажландырыў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў, жаңа базарларды өзлестириў, экспортты қоллап-қуўатлаў, экономикалық интеграция, инфраструктура ҳәм транспорт коридорларын кеңейтиў бағдарлары ҳәм басқа да бир қатар секторлар кесиминде 2017-2021-жылларға мөлшерленген реформалардың нәтийжелериниң есабаты ҳәм перспективалы бағдарлардағы реформалардың әҳмийетли мәселелердиң додаланыўы нәзерде тутылған.

 

Файзулло ЯҲЁЕВ,

ӨзАның хабаршысы