Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ЮНИСЕФ ҳәм ЮНФПА тәрепинен биргеликте әмелге асырылып атырған «Ең жәрдемге мүтәж аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге перинатал жәрдем хызметиниң сапасын арттырыў» биргеликтеги жойбары шеңберинде улыўма баҳасы 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы заманагөй медициналық үскенелер тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығы Расул Зарикеев, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Питер Буриан, ЮНИСЕФ тиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Мунир Мамедзаде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Қурбанов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында Аралбойы аймағында аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелердиң саламатлығын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгенидей, жойбар басланғанлы берли Нөкис қаласындағы, Қоңырат ҳәм Беруний районларындағы перинатал орайларынында аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасының жақсыланыўына ерисилди. Атап өтилген медицина мәкемелеринде ерте неонатал өлим көрсеткиши сезилерли дәрежеде төменлеп, орташа 22 процентке азайды.
Жойбар шеңберинде алып келинген заманагөй медициналық үскенелерди басқарыў ушын 600 ден зыят медицина хызметкери аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге жәрдем көрсетиў бойынша оқыў курсларында оқытылды. Буннан тысқары, жаңа туўылған нәрестелерге қараў, ҳәмиледар ҳаялларға мәсләҳәттиң сапасын жақсылаў бойынша билимлерин жетилистирди.
-Енди экологиялық аймақта жасап атырған халықтың дерлик 50 проценти усы туўыў үйлериндеги қәнигелестирилген перинатал жәрдемнен пайдаланыў имканиятына ийе болады,-дейди ЮНИСЕФ тиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Мунир Мамедзаде.-Әлбетте, бул жойбар келешекте Қарақалпақстан Республикасының басқа районларында да енгизиледи деген үмиттемиз.
Бүгинги күнге шекем республикамыздағы жаңа туўылған нәрестелер интенсив терапия бөлимлери ҳәм операция бөлмелери ушын 300 ден зыят медицианлық үскене тапсырылды. Олардың арасында операция әсбаплары, электрокардиологиялық үскенелер, ультрасес диагноз аппаратлары, турақлы унамлы салыстырма ҳаўа басымы аппаратлары ҳәм басқа да ең заманагөй үскенелер бар.
-Жойбар тәрепинен берилген 40 тан зыят атамадағы заманагөй медициналық әсбап-үскене ўақтынан бурын туўылған нәрестелерди тәрбиялаў имканиятын береди,-дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлиминиң баслығы, медицина илимлериниң кандидаты Қ.Қабулов.-Соның менен бирге, тек Нөкис қаласындағы емес, жақын жердеги районлардағы жәрдемге мүтәж аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелер қабыл етилип, медициналық хызмет көрсетиледи.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Г.ЖАРТЫБАЕВА,
ҚМУдың журналистика бөлиминиң студенти.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери